Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл 25-март күнги «Коронавирус инфекциясы тарқалыўына қарсы қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы 91-санлы қарарына тийкарланып, район аймағында физикалық ҳәм юридикалық шахсларға тийисли болған автобус, микро автобус, жүк ҳәм жеңил автотранспорт қураллары, сондай-ақ, велосипед, скутер, арба ҳәм мото-транспорт қуралларының ҳәрекет етиўин ўақтынша тоқтатыў мақсетинде:
ШЕШИМ ЕТЕМЕН:
- Район аймағында коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў, пуқаралардың денсаўлығын сақлаў мақсетинде физикалық ҳәм юридикалық шахсларға тийисли болған автобус, микро автобус, жүк ҳәм жеңил автотранспорт қураллары, сондай-ақ, велосипед, скутер, арба ҳәм мото-транспорт қуралларының (арнаўлы рухсатнама ҳәм усы бийлик пенен тастыйықланған қосымшада көрсетилген уйымлардың автотранспорт қуралларынан тысқары) ҳәрекет етиўи 2020-жыл 11-апрель саат 12-00 ден баслап карантин дәўиринде ўақтынша тоқтатылсын.
- Район аймағында ҳәрекет етиўге рухсат етилген айырым автотранспорт қураллары дизими қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Районлық Ишки ислер бөлими (И.Салиев)не, районлық мәмлекетлик Салық инспекциясы (С.Даулетбаев), районлық Санитария-эпидемиология тынышлық орайы (Г.Нәўбетуллаева), Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик Санитария-эпидемиология қадағалаў басқармасы районлық филиалы (А.Алимбетов) :
– район аймағындағы физикалық ҳәм юридикалық шахслардың автобус, микро автобус, жүк ҳәм жеңил автотранспорт қураллары , сондай-ақ, велосипед, скутер, арба ҳәм мото-транспорт қуралларының ҳәрекет етиўин қадағалап барыў тапсырылсын.
– карантин дәўиринде көрсетилген талапларды бузған физикалық
ҳәм юридикалық шахслар ийелигиндеги автобус, микро автобус, жүк ҳәм жеңил автотранспорт, сондай-ақ, велосипед, скутер, арба ҳәм мото-транспорт қуралларын жәрийма майданшасына қойылыўын тәмийинлесин.
– шегаралас районларға кирип-шығыў жолларына ҳәм район орайында арнаўлы қадағалаў постларын шөлкемлестириў, сондай-ақ, тийисли қәнигелер ажыратылыўын тәмийинлесин.
- Қарақалпақстан Республикасы телерадиокомпаниясының районлық хабаршысы (К.Жиемуратов)на, «Кегейли турмысы» газетасы (Е.Мухамбетов)на, район ҳәкимлиги баспасөз хаткери (Т.Мухиятдинова)не усы бийликтиң мазмун
ҳәм мәнисин пуқараларға жеткериў усыныс етилсин. - Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасары Қ.Бекимбетов ҳәм Ишки ислер бөлими баслығы И.Салиевқа жүкленсин.
Кегейли районы ҳәкими М.Абдиров