Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 30-июньдағы «Өзбекстан Республикасында жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатты түптен жетилистириў ҳәм жаңа басқышқа алып шығыў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПП-6017-санлы Пәрманы, «Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги жумысларын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ПҚ-4768-санлы қарары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл 6-июльдағы 189-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Кегейли районы ҳәкими
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 30-июньдағы «Өзбекстан Республикасында жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатты түптен жетилистириў ҳәм жаңа басқышқа алып шығыў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПП-6017-санлы Пәрманы, «Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги жумысларын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы
ПҚ-4768-санлы қарары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл 6-июль күнги 189-санлы қарары орынлаў ушын басшылыққа алынсын. - Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң усы қарары менен:
1) Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, қала ҳәм районлар ҳәкимликлери менен биргеликте бир ай мүддетте район (қала)лар кесиминде жумыссыз жаслардың дизимин қәлиплестирсин ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған мәнзилли, сол тийкарда төмендегилерди:
«Пидайы жаслар отрядлары»н дүзиў арқалы жумыссыз жасларды ҳақы төленетуғын жәмийетлик ҳәм мәўсимлик жумысларға қамтып алыныўы;
«Жаслар қурылыс отрядлары»н шөлкемлестириў ҳәм жоқары билимлендириў орынлары студентлерин жазғы демалыс ўақтында ҳақы төленетуғын қурылыс жумысларына қамтып алыў бойынша ис-илажлардың әмелге асырылыўы.
2) Қала ҳәм районлар ҳәкимлери жаслар машқалаларын үйренип, олардың шешимлерин табыўға көмеклесиў, жас әўладтың қәбилетлерин раўажландырыў бойынша қосымша шәраятлар жаратыў илажларын көриў, сондай-ақ, әмелге асырылған жумыслар бойынша ҳәр айда кеминде бир мәрте тийисли Халық депутатлары Кеңеслери сессияларында есабат берип барылыўы.
3) Өзбекстан Республикасы Мәмлекет активлерин басқарыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы, Жаслар ислери агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси, қала ҳәм районлар ҳәкимликлери менен биргеликте, бир ай мүддетте қарардың 7-бәнтинде көрсетилген имаратлар, сондай-ақ, мал-мүлклери хатлаўдан өткерилиўи;
4) Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, қала ҳәм районлар ҳәкимликлери менен биргеликте:
– жасларды исбилерменликке қызықтырыў, сондай-ақ, оларға бундай искерликти жолға қойыўдың әмелий тәреплерин үйретиў мақсетинде орынлардағы ислеп шығарыў ҳәм хызмет көрсетиўши шөлкемлерге бизнес саяхатлар шөлкемлестириў;
– жасларды кәсипке үйретиў менен байланыслы сондай-ақ, жас исбилерменлерге ҳуқықый, бухгалтериялық, маркетинг, брендинг, банк, қамсызландырыў, мийнет ҳәм басқа тараўларда әмелий көмек көрсетиў ушын консалтинг хызметлери қәрежетлерин қаплаў;
Қарақалпақстан телерадиокомпаниясы, Қарақалпақстан Республикасы Ғалаба-хабар коммуникациялар басқармасына усы қарардың мазмун-мәнисин ҳәм әҳмийетин жарытыўға тийисли мақалалар, брифинглер, пресс-конференциялар, тематикалық телекөрсетиўлерди таярлаў тапсырылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Район ҳәкиминиң орынбасарлары (Қ.Бекимбетов, А.Сейтимбетов) ҳәм Бәнтликке көмеклесиў орайы (С.Нзанов) бир ай мүддетте жумыссыз жаслардың дизимин қәлиплестирсин ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған мәнзилли, сол тийкарда төмендегилерди:
«Пидайы жаслар отрядлары»н дүзиў арқалы жумыссыз жасларды ҳақы төленетуғын жәмийетлик ҳәм мәўсимлик жумысларға қамтып алыў;
«Жаслар қурылыс отрядлары»н шөлкемлестириў ҳәм жоқары билимлендириў орынлары студентлерин жазғы дем алыс ўақтында ҳақы төленетуғын қурылыс жумысларына қамтып алыў бойынша ис-илажларды әмелге асырсын.
- Район ҳәкиминиң орынбасары (Қ.Бекимбетов) жаслар машқалаларын үйренип, олардың шешимлерин табыўға көмеклесиў, жас әўладтың қәбилетлерин раўажландырыў бойынша қосымша шәраятлар жаратыў илажларын көриў, сондай-ақ, әмелге асырылған жумыслар бойынша ҳәр айда кеминде бир мәрте тийисли Халық депутатлары Кеңеслери сессияларында есабат берип барсын.
- Район ҳәкиминиң орынбасары (Қ.Бекимбетов), Өзбекстан Жаслар аўқамы районлық кеңеси (М.Мамбетниязов), Саўда-санаат палатасы районлық Кеңеси менен биргеликте:
– жасларды исбилерменликге қызықтырыў, оларға бундай искерликти жолға қойыўдың әмелий тәреплерин үйретиў мақсетинде орынлардағы ислеп шығарыў ҳәм хызмет көрсетиўши шөлкемлерге бизнес саяхатлар шөлкемлестириў;
– жасларды кәсипке үйретиў менен байланыслы сондай-ақ, жас исбилерменлерге ҳуқықый, бухгалтериялық, маркетинг, брендинг, банк, қамсызландырыў, мийнет ҳәм басқа тараўларда әмелий көмек көрсетиў ушын консалтинг хызметлери қәрежетлерин қаплаў;
- Районлық мәлимлеме хызмети (Т.Мухиятдинова), «Кегейли турмысы» газетасы редакциясы (Е.Мухамбетов) менен биргеликте, усы қарардың мазмун-мәнисин ҳәм әҳмийетин жарытыўға тийисли мақалалар, брифинглер, пресс-конференциялар, тематикалық телекөрсетиўлерди таярлаў ўазыйпасы тапсырылсын.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасары Қ.Бекимбетовқа жүкленсин.
Кегейли районы ҳәкими: М.Абдиров