Пуқара Алланова Жулдыз Абатбай  қызына исбилерменлик пенен шуғылланыў ушын жер майданын ажыратып бериў ҳаққында

14.11.2020 13:22:18 432 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы «Жер кодекси»ниӊ 6-статьясын, Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2018-жыл 27-июндағы ПП-5466-санлы Пәрманын ҳәм  Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2018-жыл 27-ноябрдеги 962-санлы қарарын басшылыққа алып, жаслар исбилерменлигин раўажландырыў бойынша Кегейли районы комиссия мәжилисиниӊ 2019-жыл 30-декабрдеги  03-12/122-санлы баянламасын ҳәм пуқара Алланова Жулдыз Абатбай қызыныӊ 2020-жыл 23-январдағы мүрәжатын, Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс министрлиги жанындағы архитектура-қаласазлық кеӊесиниӊ 2020-жыл  6-июлдағы 36-20/б-санлы баянламасын, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2019-жыл 28-январдағы 63-санлы қарары менен тастыйықланған «Жер участкаларын мәмлекет ҳәм жәмийет мүтәжликлери ушын бериў тәртиби ҳаққында»ғы нызамына тийкар «YERELEKTRON» автоматласқан мағлыўмат дизими арқалы Y-1735212/551-6996-санлы жер участкасына ўәкилликли органлар тәрепинен берилген жуўмақларын көрип шығып, Кегейли районы ҳәкими

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

  1. Жаслар исбилерменлигин раўажландырыў бойынша Кегейли районы комиссия мәжилисиниӊ 2019-жыл 30-декабрдеги 03-12/122-санлы баянламасы, Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс министрлиги жанындағы архитектура-қаласазлық кеӊесиниӊ 2020-жыл  6-июлдағы 36-20/б-санлы  баянламасы, «YERELEKTRON» автоматласқан мағлыўмат дизими арқалы  Y-1735212/551-6996-санлы жер участкасына ўәкилликли органлар тәрепинен берилген жуўмақлар  мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2018-жыл 27-июндағы ПП-5466-санлы «Жаслар келешегимиз» Мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы пәрманыныӊ 3-бәнтине муўапық Мәмлекетлик-жеке шериклик шәртлери тийкарында пуқара Алланова Жулдыз Абатбай қызына «Гөззаллық салоны» имараты қурылысы ушын, елатлы пункт аймағына кириўши (аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын) районлық захира жер есабындағы,  Кегейли районы «Нурлы бостан» мәкан пуқаралар жыйыны А.Пирназаров көшеси бойында жайласқан 0,0096 га жер майданы турақлы пайдаланыў ҳуқықы менен ажыратып берилсин.
  3. Өзбекстан Республикасы «Жер кодекси»ниӊ 36-статьясы 10-бәнти талапларына тийкар жер майданынан 2 (еки) жыл мүддет ишинде пайдаланылмаса жерден пайдаланыў ҳуқықы бийкар етилсин.
  4. Кегейли районы қурылыс бөлими (Н.Отепова)не архитектура-режелестириў тапсырмаларын таярлаў тапсырылсын.
  5. Қарақалпақстан Республикасы «Жермүлккадастр» мәмлекетлик кәрханасы Кегейли районы филиалы (Д.Рустемов)на ажыратып берилген жер участкасына болған ҳуқықты мәмлекетлик дизимге алыў тапсырылсын.
  6. Кегейли районы ҳәкимлигиниӊ баспа сѳз хызмети баслығы (Т.Мухиятдинова) ға бул шешимди Кегейли районы ҳәкимлиги веб-сайтында жайластырыў тапсырылсын.
  7. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасарлары Қ.Бекимбетов ҳәм К.Алланазаровқа жүкленсин.

 

Кегейли районы ҳәкими                                               М.Абдиров

14.11.2020 13:22:18 433