2020-жыл 28-декабрь №68/19
Өзбекстан Республикасының 2020-жыл 25-декабрдеги “2021-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында”ғы ЎРҚ-657-санлы Нызамына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
ШЕШИМ ЕТЕДИ
- Өзбекстан Республикасының 2020-жыл 25-декабрдеги “2021-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында”ғы ЎРҚ-657-санлы Нызамына муўапық Кегейли районы бюджети дәрамат ҳәм қәрежетлери белгиленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Кегейли районы бюджети дәраматларының 2021-жылғы прогноз көрсеткишлери 1-қосымшаға муўапық;
Кегейли районы район бюджетинен 2021-жылғы жергиликли бюджет қаржыларын бөлистириўшилерге ажыратылатуғын қәрежетлердиң улыўма шекленген муғдарлары 2-қосымшаға муўапық;.
улыўма мәмлекетлик салықлардан район жергиликли бюджетине ажыратпалар нормативлери 3-қосымшаға муўапық;
2021-жыл ушын район жергиликли бюджетиниң дәраматлары
ҳәмде қәрежетлериниң шекленген муғдарлары 4-қосымшаға муўапық;
Қарақалпақстан Республикасы республика бюджетинен район жергиликли бюджетине ажыратылатуғын тәртипке салыўшы бюджетлерара трансфертлер муғдарлары 5-қосымшаға муўапық;
2021-жыл Кегейли районы бюджети сақлаўлы қоры муғдары
6-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Район ҳәкимлиги тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлер менен биргеликте:
2021-жыл ушын бюджет дәраматлары ҳәм қәрежетлериниң толық орынланыўын тәмийинлеў, бюджет дәраматларының жаңа дереклерин табыў, резервлерди толық иске түсириў есабынан бюджетке қосымша дәраматлар көбейтиў;
экономикада терең структуралық өзгерислерге қаратылған актив инвестициялық сиясатты буннан былайда жеделлестириў, экономиканың әҳмийетли тармақларын финанслық қоллап-қуўатлаў, заманагөй жол-транспорт ҳәм инженерлик инфраструктураны раўажландырыў есабынан жоқары экономикалық өсим пәтлерин тәмийинлеў;
макроэкономикалық турақлылықты жәнеде беккемлеў мақсетинде финанслық системаны жетилистирип барыў, социаллық инфраструктураны раўажландырыў есабынан халқымыздың жасаў шәраятларын жақсылаў
ҳәм олардың дәраматларын арттырыў;
аймақларды социал-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларын жедел әмелге асырыў арқалы дәраматлар базасын кеңейтиў, бюджетлер аралық қатнасықларды жәнеде раўажландырыў ҳәм жергиликли бюджет қәрежетлерин жылма-жыл оптималластырып барыў;
келеси жылы бюджеттиң тийкарғы параметрлерин орынланыўын тәмийинлеў мақетинде бюджет қаржыларының мақсетли ҳәм нәтийжели жумсалыўы үстинен қатаң қадағалаў орнатыў иләжларын әмелге асырыў тапсырылсын.
- Районлық финанс бөлими (К.Жиенбаев) ҳәм районлық салық инспекциясы (С. Даулетбаев) :
жергиликли бюджет дәраматлары ҳәм қәрежетлериниң тастыйықланған көрсеткишлери толық орынланыўын тәмийинлесин;
жергиликли бюджет дәраматларының прогноздан артық орынланған бөлеги есабынан пайда болған қаржылардың районның экономикалық потенциалын көтериўге, мәнзилли бағдарламалардың орынланыўы ушын жумсалыўына айрықша итибар қаратсын.
5.Сондай-ақ ҳәкимликлер жергиликли бюджетлердиң қосымша дәраматларын 10 пайызынан кем болмаған (артық болыўы мүмкин) муғдарларда жәмәәтшилик пикири тийкарында белгиленген иләжларды қаржыландырыўға жөнелтирилиўин, веб-сайтларға олардың нәтийжелерин жайластырыўды тәмийинлеў мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Халық депутатлары районлық Кеңеси жергиликли бюджет қаржыларынан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў бойынша турақлы қадағалаў орнатып, жергиликли бюджет дәраматлары прогноз көрсеткишлериниң орынланыў барысын ҳәр шеректе терең таллап қарап шықсын.
7.Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2019-жыл
17-декабрдеги «Кегейли районының 2019-жылғы бюджет параметрлерин тастыйықлаў ҳаққында»ғы 182/53-санлы шешими (Кегейли турмысы газетасы 2019-жыл 31-декабрь 24(6212)) 2020-жыл 31-декабрден өз күшин жойытқан деп есаплансын.
- Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына тапсырылсын.
- Усы шешим «Кегейли турмысы» газетасында рәсмий жәриялансын ҳәмде ҳәкимликтиң рәсмий веб-сайтында жайластырылсын.
10. Шешим рәсмий түрде жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң он тоғызыншы сессиясының 2020-жыл 28-декабрь күнги 68/19-санлы шешимине 1-қосымша |
Кегейли районы бюджети дәраматларының 2021-жылдағы прогноз көрсеткишлери
млн.сўмда Дәрамат түрлериЖәмиIЖӘМИ14 900,0 1Исбилерменликтиң айырым түрлери бойынша қатаң белгиленген салық392,82Физикалық тәреплердиң мал-мүлкине салынатуғын салық1 093,23Физикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы3 767,94Жер асты байлықларынан пайдаланғанлығы ушын салық (руда емес материаллары)283,25Суў ресурсларынан пайдаланғанлығы ушын салық145,86Ижара төлемлери8,27Жергиликли жыйымлар1 326,68Өткерип берилетуғын дараматлар7 882,3IIМақсетли тарнсфертлер53 100,0 ЖӘМИ ДӘРАМАТЛАР68 000,0
Халық депутатлары
Кегейли районлық Кеңесиниң
он тоғызыншы сессиясының
2020-жыл 28-декабрь күнги
68/19-санлы шешимине
2-қосымша
Кегейли районы район бюджетинен 2021-жылғы жергиликли бюджет қаржыларын бөлистириўшилерге ажыратылатуғын қәрежетлердиң улыўма шекленген муғдарлары жойбары | |||
млн.сўм | |||
т/н | Көрсеткишлер | суммасы | |
Жәми қәрежетлер | 68 000,0 | ||
1 | Халық билимлендириў бөлими | 3 978.1 | |
2 | Мектепке шекемги билимлендириў бөлими | 3 486.8 | |
3 | Ден саўлықты сақлаў тараўы | 30 067.6 | |
4 | Мәданият болими | 786.0 | |
5 | Дене тәрбия ҳәм спорт бөлими | 1 008.7 | |
6 | Балалы ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларға напақалар ҳәм компенсациялар. | 12 259.6 | |
7 | Социаллық көнликпе орайлары. | 45.1 | |
8 | Аўыл хожалығы бөлими | 3 270.4 | |
9 | Мәмлекетлик баскарыў уйымлары | 4 555.0 | |
10 | Пуқаралардың өзин өзи басқарыў уйымлары қәрежетлери. | 1 465.6 | |
11 | Сақлаўлы қор қәрежетлери | 680.0 | |
12 | Абаданластырыў басқармасы | 6 314.1 | |
13 | Дренаж бөлими | 83.0 |
Халық депутатлары
Кегейли районлық Кеңесиниң
он тоғызыншы сессиясының
2020-жыл 28-декабрь күнги
68/19-санлы шешимине
3-қосымша
Улыўма мәмлекетлик салықларды район жергиликли бюджетлерин ажыратпалар нормативлери | |||
т/н | Салық түрлери | пайыз | |
1 | Исбилерменликтиң айырым түрлери бойынша қатаң белгиленген салық | 100 | |
2 | Физикалық тәреплердиң мал-мүлкине салынатуғын салық | 100 | |
3 | Физикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы | 100 | |
4 | Жер асты байлықларынан пайдаланғанлығы ушын салық (руда емес материаллары) | 100 | |
5 | Суў ресурсларынан пайдаланғанлығы ушын салық | 100 |
Халық депутатлары
Кегейли районлық Кеңесиниң
он тоғызыншы сессиясының
2020-жыл 28-декабрь күнги
68/19-санлы шешимине
4-қосымша
2021-жыл ушын район жергиликли бюджетиниң дәраматлары ҳәмде қәрежетлериниң шекленген муғдарлары |
|||
млрд.сўм | |||
№ | Қала ҳәм район аты | Дәраматлар | Қәрежетлер |
1 | Кегейли районы | 14.9 | 68.0 |
Жәми | 14.9 | 68.0 |
Халық депутатлары
Кегейли районлық Кеңесиниң
он тоғызыншы сессиясының
2020-жыл 28-декабрь күнги
68/19-санлы шешимине
5-қосымша
2021-жыл район жергиликли бюджетлерине ажыратылатуғын тәртипке салыўшы бюджетлерара трансферт муғдары | ||
млрд. сўм | ||
№ | Район аты | Тәртипке салыўшы трансфертлер |
1 | Кегейли районы | 53,1 |
Халық депутатлары
Кегейли районлық Кеңесиниң
он тоғызыншы сессиясының
2020-жыл 28-декабрь күнги
68/19-санлы шешимине
6-қосымша
|
2021-жыл Кегейли районы ҳәкимлигиниң сақлаўлы қоры муғдары | |
млн. сўмда | ||
Т/р | Аймақлар атамасы | Сақлаўлы қорлары муғдары |
1 | Кегейли районы | 680.0 |