ИЙИС ГАЗИНИҢ ЗЫЯНЫ

24.12.2020 18:56:06 874 Баспаға шығарыў

Ийис гази өзи не? Ол ҳаўада қандай пайда болады?

Ең алды менен усы сораўға жуўап берейик. Ҳәр қандай жанылғының шала жаныўы ақыбетинде ийис гази пайда болады. Яғный жарамсыз ысытыў қурылмаларынан пайдаланыў нәтийжесинде ҳәр қыйлы ысытыў печлери яғный қатты отын, көмир, көмир брикетлери ҳәм табийғый газлердиң шала жаныўы, жаныў майданында кислородтың жетерли муғдарда болмаўы ақыбетинде келип шығады. Келип шығыўына себеп ҳәр қандай жаныўшы материаллар жанылғының толық жаныўы ушын жетерли шараят болмаса, әсиресе ҳаўа (кисларод) жетиспегенде, сондай-ақ самаллатыў жолларының жаўып қойылыўы, ысытыў қазанлары яки отын печь түтин морыларының өз ўақтында тазаланбаўы ақыбетинде ҳаўа тартыў күши азаяды нәтийжеде ҳаўада ийис газиниң муғдары көбейеди.

Ийис гази инсан организимине қандай тәсир қылады? Ийис гази көзге көринбейди ийиссиз дәмсиз болады. Ийис гази инсан организмине дем алыў жоллары арқалы тәсир етип өзиниң кери тәсирин көрсетеди. Инсанды өлим дәрежесине шекем алып келеди. Яғный жасаў бөлмелеримизде 0,1 пайыз ийс гази жыйналса бул инсанды ярым саат ишинде өлим дәрежесине алып келеди дегени.

Ийис газинен зәҳәрлениўдиң белгилери:

Орайлық нерв системасында уйқыға тартыў, бас айланыў, бас аўырыў, өзин жойтыў;

Көриў системасында көз алды булдырап қаранғыласады;

Еситиў системасында еситиў қабылети төменлейди;

Тери бөлегинде терлеў күшейеди;

Дем алыў системасында дем алыў аўырласады жөтел пайда болады.

Ийис газинен зәҳәрленгенде биринши жәрдем:

барлық жағдайларда тезлик пенен тез жәрдем хызметин шақырыў керек;

ийис газинен зәҳәрленгенде:

– зыянланыўшы тезлик пенен газ тарқалған аймақтан таза ҳаўаға шығыўы;

– зыянланыўшының қол аяқлары көтерилген жағдайда жатқарыў;

– дем алыўға кесент бериўши затларды шешилиўи (кийим түймелери, кийим жағаны ашыў, белбеў кайысын босатыў);

– зыянланыўшыны уйықлап қалмаўын қадағалаў керек. Зыянланыўшыны жүргизиў қадаған етиледи;

– зыянланыўшы дем алмай атырған болса, оған таза ҳаўада яки ҳаўа айланысы жақсы бөлмеде жасалма дем берилиўи;

– зыянланыўшының жағдайы жақсы болса ыссы чай яки кофе ишириў керек.

Табийғый ҳәм ийис газинен зыянланыў жағдайлары жүз бергенде тезлик пенен зыянланған инсанға биринши жәрдем көрсетилип 103, 104, 1050 телефон номерлери арқалы хабардар қылыўды умытпаң.

Пуқараларымызды табийғый ҳәм ийис газинен зәҳәрлениўдиң алдын алыў илажлары тек ғана тийисли тараў қәнигелериниң жумыслары болып қалмастан, ҳәр бир үй ийелери ҳәр бир пуқаралар тәрепинен әмелге асырыў тийис.

Ҳүрметли пуқаралар! Бәршеңизди тәбийғый ҳәм ийис газинен зәҳәрлениў өрт қәўипиниң алдың алыўда жүзеге келиўи мүмкин болған айрықша жағдайларды болдырмаўда сергекликке шақырып қаламыз.             

                         

Кегейли районы
АЖБ НТБ баслығы
лейтенант                         А.П.Юсупов

24.12.2020 18:56:06 875