Делегация ағзалары Кегейли районында

23.12.2020 09:09:30 535 Баспаға шығарыў

 

Республикамызға хызмет сапары менен  Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги ўәкиллери, мәмлекетимиздиң сырт еллердеги айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшилери ҳәм дипломатиялық ўәкилханалары басшылары менен  халықаралық шөлкемлер ўәкиллеринен ибарат делегация ағзалары келген еди.  Солардан  Өзбекстанның Италиядағы елшиси    А. Акбаров, Ҳиндстандағы елшиси Д.Ахатов , Әзербайжандағы елшиси   Б. Ашрафхановлар  Кегейли районына да жетип келди. Дәслеп елшилер Кегейли районы ҳәкиминиң қабыллаўында болып,  хызмет сапарының тийкарғы мақсети  районның инвестициялық, экспорт потенциалы менен жақыннан танысыў ҳәм сырт еллер менен биргеликте қоспа жойбарларды әмелге асырыў имканиятлары ҳаққында сөйлесиўлер алып барды.

Буннан соң елшилер район аймағындағы бир неше ири объектлер менен танысты. Соң елшилер район ҳәкими менен бирге  исбилерменлер менен ушырасты. Онда  ири жойбарларды әмелге асырыўдағы баслы машқалалар ҳәм олардың шешими  кең түрде додаланды.

Күнниң екинши бөлиминде елшилер ѳзлериниң исбилерменликке арналған  презинтацияларын жергиликли  исбилерменлер ушын усынды. Презинтация даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

 

Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

23.12.2020 09:09:30 536