Ийис газинен абайлы болың!

19.12.2020 13:34:28 1414 Баспаға шығарыў

Қыс мәўсими кирип келиўи менен ҳаўа райы кескин суўытады. Ҳаўа райы суўытыўы менен пуқараларымыз тәрепинен жыллылыққа деген мүтәжлиги артады. Буның ақыбетинде пуқараларымыз тәрепинен ҳәр қыйлы қол бала жасалма ысытыў үскенелеринен, дурыс орнатылмаған ысытыў қазанларынан, қол бала жасалма электр қурылмаларынан пайдаланады. Ийис газиниң инсан организимине кери тәсирин көрсетип, инсанды зәҳәрлениўге алып келеди. Ийис газиниң пайда болыўының тийкарғы себеплери жарамсыз ысытыў қурылмаларынан пайдаланыў нәтийжесинде жаныў майданында кислароттың жетерли муғдарда болмаўы, ҳәр қыйлы ысытыў печлери яғный қатты отын, көмир, көмир брикетлер ҳәм тәбийғый газлердиң шала жаныўы ақыбетинде, үй жағыдайында тәбийғый газ тармақларынан газдиң шығып турыўы, ысытыў қазанлары түтин морыларының ҳәр қыйлы буйымлар менен жаўып қойылыўы, қатты отынға масластырылған отын печлериниң қақпақлары өз ўақтында жаўмағанлығынанда ийис гази пайда болады. Ийис гази реңсиз ийиссиз болады ҳәм инсан организимине дем алыў жоллары арқалы тәсир қылады. Егерде имаратларыңызда тәбий газ ийисин сезсеңиз айна ҳәм есиклерди ашып 104 номери арқалы газ хызметкерлерине яки 1050 номери менен қутқарыў хызметлерине қоңыраў қылыў керек. Бундай жағдайларда шырпы жағыў, жарытыўшы электр шырақларды жағыў яки жанып турған болса өшириў ҳәм электр қурылмаларды қосыў қадаған етиледи. Хүрметли пуқаралар ийис газинен зәҳәрлениў, өрт қәўипиниң ҳәм айрықша жағдайлардың, улыўмаластырып айтқанда ҳәр қандай кеўилсиз жағдайлардың алдын алыўда итибарлы болыўға шақырып қаламыз.

 Кегейли районы АЖБ НТБ баслығы

 лейтенант  А.П.Юсупов

19.12.2020 13:34:28 1415