Көшпели қабыллаў болып өтти

18.12.2020 12:50:14 457 Баспаға шығарыў

17-декабрь күни Кегейли районы ХББ не қараслы 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде ХББ ниң көшпели қабыллаўы болып өтти. Онда Қарақалпақстан Реcпубликасы Билимлендириў Министрлигиниң бөлим баслығы Абипов Сулайман, район халық билимлендириў бөлими баслығы Алмахан Алланиязова, районлық халық билимлендириў бөлими баслығының орынбасары Гулчехра Ерниязовалар мүрәжатшылар менен сәўбетлесип олардың машқалаларына шешим тапты. Сондай-ақ, бир қатар мектеп директорлары қайта оңлаўды талап етип турған оқыў имәратларының жағдайын жақсылаў бойынша өз мүрәжатлары менен қатнасты. Буннан басқа жоқары мағлыўматқа ийе бирақ хәзирде турақлы жумысқа ийе болмаған пуқаралар да өз мүрәжатлары бойынша турақлы жумысқа қабыл етилди.

 

Район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

18.12.2020 12:50:14 458