Бас нызамымыз қабыл етилген күн салтанатлы түрде белгиленди

09.12.2020 09:44:45 515 Баспаға шығарыў

Кегейли районы мәденият орайында 8-декабрь Өзбекстан Республикасы конституциясының қабыл етилген күни мүнәсибети менен байрам илажы өткерилди. Кешени Район ҳәкими М.Абдиров қутлықлаў сөзи менен ашып берди. Бас нызамымыз мәмлекетимиздиң ҳуқуқый негнизин жаратыў менен бирге жәмийетлик турмыстың өлшемлерин белгилеп бериўде баслы қурал ўазыйпасын атқарады ,-дейди сөзге шыққанлар. Сондай-ақ, илажда бир қатар район белсендилери, ҳәм жаслар қатнасты. Байрам мүнәсибети менен өз искерлигинде белсендилик көрсеткен тараў ўәкиллери сыйлықланды.

 

Район  хәкимлиги мәлимлеме хызмети

09.12.2020 09:44:45 516