2020-жыл декабрь айының 3 күни жынаят ислери бойынша Кегейли районы суды ѳз кеңсесинде, алимент тѳлеўден қастан мойын таўлап жүрген пуқара Р.К қа суд ҳүкими оқылды.
Жынаят исинде топланған дәлиллерге кѳре, судланыўшы К.Р.С Нѳкис районлар аралық пуқаралық ислери бойынша судының 2012-жыл 25-апрель күнги бийлигине тийкар, өндириўши О.Р ныӊ тәрбиясындағы ер жетпеген перзентлери, 2002-жылы 25-апрель күни туўылған С.Э ҳәм 2005 жыл 28 июнь күни туўылған С.Ш ниң 18 жасқа толғанға шекем тәмийнаты ушын 2012-жыл 25-апрель күнинен ҳәр айда жәми дәраматыныӊ 1/3 бөлеги муғдарында алимент өндирилиўи белгиленген болсада, алимент напақасын төлеўден қастан бас тартып, бир неше мәрте ескертилгенлигине ҳәмде Нѳкис районы ҳәкимшилик судының 2020 жыл 6 март кўнги қарарына кѳре ҲЖҳКниң 474-статьясы менен ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылып 15 сутка ҳәкимшилик қамақ жазасы тайынланғанлығына қарамастан, 2018-жыл июль айынан 2020-жыл 7-октябрь күнине шекем жәми 17.784.296 сўм алимент напақасын төлеўден қастан бас тартып келген.
Судланувчи Р.К қа қойылған айб ѳзиниң ҳәм жәбирлениўши О.Р ның кѳрсетпелеринен тысқары, Нѳкис районларара пуқаралық ислери бойынша судының 2012-жыл 25-апрель күнги бийлиги ҳәм орынлаўға жибериў хаты, Нѳкис районы суд орынлаўшылар бѳлиминиң 2016 жыл 16 май күнги орынлаў ѳндирисин қозғаў ҳаққында қарары, судланыўшы Р.Кға жиберилген ескертиў хатлары, атында мал-мүлки жоқлығы ҳаққындағы мекемелердиң қатнас хатлары менен ҳәм ис бойынша топланған басқада ҳүжжетлер менен толық тастыйықланады.
Суд, судланыўшы Р.К қа жаза түри ҳәм муғдарын тайынлаўда, оның айбына қысман ықрарлығын ҳәм қылмысынан пушайманлығын, семья ҳәм материаллық жағдайын, алимент пулларының бир қысмын тѳлегенлигини, жәбирлениўшиден кеширим сорағанлығын, судланыўшының шахсын, садыр етилген жынаяттың жәмийетлик қәўиплик дәрежесин ҳәмде истеги аўырластырыўшы ҳәм жениллестириўши жағдайларды есапқа алып, судланыўшы К.Р.Сты Ѳзбекстан Республикаси ЖКниң 122-статьясы 1-бѳлими менен айыплы деп табып усы статья менен 2 (еки) ай мүддетге еркинен айырыў жазасын тайынлап, жазаны мәнзил колонияларында ѳтеўди белгиледи ҳәм К.Р.С ге белгиленген бас шарасын бийкар қылып, суд залынан қамаққа алыўды лазым тапды.
Суд ҳүкимди оқып еситтирип, бул ҳүким үстинен шағым арза бериў тәртибин түсиндирди.
Жынаят ислери бойынша
Кегейли районы суды баслығы А.Ж.Аметов