Сенатор райондағы социаллық тараўдағы жойбарлардың машқалаларын керек болса сенатқа көтерип шығыў керек екенилигин зинҳарлады

27.11.2020 16:19:43 1584 Баспаға шығарыў


Алдын хабар бергенимиздей Өзбекстан Республикасы Президентиниң 4889-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша Олий Мажлиси Сенаты ағзалары республикамыздың барлық аймақларында үйрениў жумысларын алып бармақта. Сол қатары бир неше күннен берли районымызда ҳәр бир тараўдағы машқалаларға шешим табыў ушын үйрениў жумысларын алып барып атырған сенатор ҳәм депутатларымыз бүгинде Кегейли районындағы мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимленедириў шөлкеминде болды.

-Бизде барлық шәраят жаратылған, ата-аналар балаларына билим-тәрбия бериўимиздеги мийнетлеримизди мүнәсип баҳалап атыр. Бақшамызда тәрбияланыўшылар ушын 100 орын ажыратылып, бүгинги күнде усы орынлардың барлығына балаларды қабыл еткенбиз. Деген менен ысытыў системасында бизде машқала бар, алдымыз қыс, бақшамыздың ханалары ыссы болыўы ушын қолымыздан келгенше шәраятты жаратып бериўге таярмыз. Бирақ, усы мәселемизге және де бираз итибар менен қаралса нур үстине нур болар еди,- дейди мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң баслығы Гүлмира Артықбаевна.

Үйрениў барысында «Радуга» балалар бақшасының машқаласын шешиўде тийисли тараў ўәкиллерине тапсырмалар берилди. Сол ўақыттың өзинде жыллылық системасындағы мәселени шешиў илажлары баслап жиберилди.

 

Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

27.11.2020 16:19:43 1585