Бүгин Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәжислер залында Олий Мажлиси Сенаты ағзасы Махмуд Парпиев, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы Даўытбай Қурбаниязов, район ҳәкими Муратбай Абдиров, районлық Кеңес депутаталары менен бирге исбилерменлердиң ушырасыўы болып өтти. Бул ушырасыўда Президентимиздиң 4889-санлы Қарары бойынша районымызда әмелге асырылатуғың 89 жойбардың орынланыўында депутатлардың белсендилигин арттырыў, исбилерменлердиң машқалаларына өз ўақтында шешим табыў мәселелери айрықша додаланды. Сондай-ақ, 2020-2022-жыллар аралығында орынланыўы керек болған жойбарлардың алдына қойған режелери көрип шығылды.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети