«Мениң мәҳәллем, мениң судьям» атамысында Кегейли районындағы «Абат мәкан» ҳәм «Гүжим терек» мәкан пуқаралар жыйынларында ҳуқуқбузарлықлардың алдын алдын алыў, жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм усы сыйақлы мәселелерде халықтың ҳуқуқый санасын асырыўға қаратылған ушырасыўлар шөлкемлестирилди.
Ушырасыўда Шымбай районлар аралық Экономикалық судының баслығы Замир Бердимуратов жыйналғанларға ҳүкиметимиз тәрепинен бир қанша қарарлар ҳәм нызам асты ҳүжжетлери қабыл етилип атырғанлығын, ҳуқуқбузарлықлардың алдын алдын алыў ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиўде тек ғана ҳуқуқ қорғаў уйымларының емес ал барлық пуқаралар белсене қатнасыўы, ҳәр бир пуқара бийпәрўа болмаў кереклигин түсиндирип өтти.
Шымбай районлар аралық Экономикалық судының баслығы З.Д.Бердимуратов