Жойбарлар сенатор нәзеринде!

25.11.2020 19:19:01 711 Баспаға шығарыў

2020-жыл 25-ноябрь күни Кегейли районына бириктирилген Олий Мажлис Сенат ағзасы Махуд Парпиев Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Даўытбай Қурбаниязов район ҳәкими Муратбай Абдиров пенен ушырасып, 2020-2022 жылларда Кегейли районында әмелге асырылыўы керек болған 89 баслы жойбарлар менен танысты. Атап айтқанда “Kegeyli qog`oz” МЧЖ ҚК сында болып, ол жердеги жумыслардың алып барылыў тәртиби кәрхананың алдына қойған мақсетлери, ислеп шығарып атырған өнимлери менен танысты. Сенатор бул жойбар ҳаққында ислеп шығарыўды еле де кеңейтиў арқалы базар талабын қанаатландырыў керек деген усынысын билдирди.
Буннан соң М.Парпиев районымыздағы жойбар баҳасы 6,0 млн АҚШ долларына тең болған, боян тамырын қайта ислеп шығарыўды жолға қойған “LANKO MIYA” МЧЖ ҚК да болды. Бул орында исбилерменлердиң искерлигине айрықша қаралып, ол жердеги жумысшылар ис-ҳақысын көтериў мәселесине айрықша тоқтап өтилди.

Сондай-ақ, үйрениў барысында басқа да исбилерменлердиң кредит алыў, жойбарларды муқыят ҳүжжетлестириў мәселелерине итибар қаратылды.

 

 

 

 

 

 

 

 

Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

25.11.2020 19:19:01 712