Көшпели хызметлер халқымыз ушын!

16.10.2020 13:49:44 585 Баспаға шығарыў

Мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў тараўында олардың сапасы, тезлиги, қолайлығы ҳәм пайдаланыў имкәниятын түптен асырыў арқалы «Халық мәмлекет уйымларына емес, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек» деген идеяны әмелге асырыў мақсетинде Кегейли районы Мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкерлери тәрепинен район орайынан алыс аймақларға шығыў арқалы пуқаралардың әўерегершиликлериниң алдын алыў, ҳәмде олардың узағын жақын қылыў мақсетинде көшпели мәмлекетлик хызметлер шөлкемлестирилип келинбекте.

Атап айтқанда Ақтуба аўыл пуқаралар жыйыны турғыны II-топар майыбы Сейтов Алишер Махсетбаевич шаңарағына барған ҳалда пенсия ҳәм напақалар муғдары ҳаққында мағлыуматнама алыў бойынша сондай-ақ анасы Машарипова Гаухаржан Хайтбаевнаның атына турақ жайының кадастр ҳүжжетлерин таярлаў (кадастр паспортын шәкиллентириў) бойынша мүрәжатлары қабылланып көшпели тәртипте көрсетилди, соның менен бирге Республикамызда тараўға байланыслы қабыл етилип атырған норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер Мәмлекетлик хызметлер орайының мақсет ҳәм ўазыйпалары, мәмлекетимиз тәрепинен пуқараларға жаратылып атырған кең имканиятлар ҳаққында кеңнен түсиниклер берилип, тараўға байланыслы қолланба буклетлер берилди.

Усындай көшпели хызметлерден кеўли толған бул шаңарақ ийеси Машарипова Гаухаржан апа өз пикиринде, буннан бир неше жыллар алдын ҳәр бир мәкеме-кәрханаларға барып көп ўақытларымыз кететуғын еди, ал ҳәзирги ўақытлары болса жумысларымыз бир орынның өзинде шешилмекте, яғный бүгин орай хызметкерлери өзлери шаңарағымызға келген ҳалда мүрәжатларымызды қабыллап алды. Бундай имкәниятлар ҳәм жеңилликлерди Биз пуқаралар ушын жаратып қойған Ҳүрметли Президентимизге, соның менен бирге Кегейли районы Мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкерлерине өзимниң үлкен миннетдаршылығымды билдиремен деген еди шаңарақ ийеси Машарипова Гаухаржан апа!

Бундай унамлы алғызлар нәтийжесинде Кегейли районы мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен әмелге асырылған жумыслар, тәжрийбе ҳәм үйренилген әмелиятлар халқымызға тез ҳәм сапалы мәмлекетлик хызметлерин көрсетиўде өз нәтийжесин бериўи анық, себеби баслы мақсетимиз халықты разы қылыўдан ибәрат.

Кегейли районы Мәмлекетлик хызметлер орайы

16.10.2020 13:49:44 586