Кегейлиде IT-center жумыс баслады

10.10.2020 14:19:44 1500 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен алға сүрилген 5 әҳмийетли баслама бойынша ҳәр бир жастың қызығыўшылықларын үйрениў ҳәм оларды сол бағдар бойынша тәрбиялап ҳәр тәреплеме жетик инсан қылып қамалға келтириў мәселелери бойынша бир қанша жумыслар әмелге асырылмақта.

Бул 5 әхмийетли басламаның үшиншиси – ҳалықтың, сондай-ақ, жаслар арасында компьютер технологияларын ҳәм интернеттен үнемли пайдаланыўды шөлкемлестириў мәслелери бойынша.

Кегейли районында шөлкемлестирилген оқыў орайында Санлы технологиялар оқыў орайына мектеп оқыўшылары, жәмлеспеген жаслар ҳәм мекемелерде жумыс алып барып атырған хызметкерлердиң АКТ тараўындағы билим ҳәм көнликпелерин асырыў режелестирилген.

Оқыў орайындағы оқыў ханасына 11, киберспорт ханасына 5, робототехника ханасына 3 компьютер техникалары орнатылып, интернет тармағына жалғанды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

10.10.2020 14:19:44 1501