Кегейли районы статистикалық көрсеткишлери

06.10.2020 15:19:06 1499 Баспаға шығарыў

Кегейли районын социал экономикалық раўажландырыўдағы алып барылып атырған ис-илажлар нәтийжесинде, усы жылдың январь-июнь айлары жуўмағы менен:

-Санаат өнимлери көлеми 161,1 млрд.сўм;

-Қурылыс жумыслары 46,2 млрд.сўм;

-Усақлап сатыў ҳам товар айланысы 68,4 млрд.сўм;

-Көрсетилген хызметлер көлеми 24,7 млрд.сўмды қурады.

Бул статистикалық көрсеткишлердиң өз ўақтында ҳәм сапалы болыўы ушын ҳүрметли исбилерменлик субъектлеринен статистикалық есабатларын кешиктирмей өз ўактында қәте кемшиликсиз ҳәм туўры етип eStat 3.0 автоматластырылған система арқалы электрон имзадан пайдаланып тапсырыўлары керек. eStat 3.0 сиситемасында бар болған статистикалық есабатлардың шаблонын Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик статистика комитетиниң www.stat.uz сайтынан алыўыңыз мүмкин.

2020 жыл ушын жоқарыдағы мәмлекетлик статистика есабатларын тапсырыўшы субъектлер дизимин www.stat.uz сайтында интерактив хызметлер бөлиминен формалар дизими пунктинен кәрхана ҳәм шөлкемниң СТИР (ИНН) кодын терип билип алыўыңыз мүмкинлигин еслетемиз.

 

Кегейли районы Статистика бөлими баслығы
М.Бекмуратов

06.10.2020 15:19:06 1500