Мәмлекетлик тилге ҳүрмет кѳрсетиўге ҳәр пуқара жуўапкер

02.10.2020 10:15:26 1437 Баспаға шығарыў

«Тилге итибар –елге итибар»,- дейди дана халқымыз. Сол айтқанындай ѳз ана тилине ийе болмаған халық миллет болалмайды. Егер, тил  мǝдениятына ǝмел етилмесе, миллий мǝдениятқа дақ түседи. Сол себепли соңғы жыллары елимизде ана тилимиздиң ǝҳмийетин жас ǝўлад санасына сиңдириў ҳǝм оны еле де беккемлеў бойынша ǝмелге асырылып атырған жумыслар кѳлеми артып бармақта.

Атап айтқанда ѳзбек ҳǝм қарақалпақ тиллериниң республикамызда ǝмел етилиўиниң ҳуқықый тийкарлары нызам менен белгилеп қойылған. «Мǝмлекетлик тил ҳаққында»ғы нызам үш принципке: улыўмалық, миннетлилик ҳǝм ҳуқықый кепилликке тийкарланады. Мǝмлекетлик тилдиң беккем ҳуқықый бийлиги белгилеп қойылғаны тилимиздиң бай имканиятларынан кең пайдаланыўға жетерли мүмкиншиликлердиң туўдырып, елимизде жасаўшы барлық миллет ўǝкиллериниң тиллери. үрп-ǝдет ҳǝм дǝстүрлерине ҳүрмет кѳрсетилиўи менен бирге, ѳзбек ҳǝм қарақалпақ тиллериниң еркин байланыста болыўына шараятлар жаратып берди.

Атап айтқанда Ишки ислер министрлиги тǝрепинен норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер додалаўы порталына жайластырылған «Ѳзбекстан Республикасы пуқаралығына қабыллаўда мǝмлекетлик тилди билиў дǝрежесин анықлаў тǝртиби ҳаққындағы уставтын тастыйықлаў туўралы» Министрлер Кабинети қарары жойбары мǝмлекетлик тилдиң ҳуқықый  бийлиги, ǝмелий ǝҳмийетин арттырыў бойынша исленип атырған нǝўбеттеги басламалардың бири болды. Себеби, бул елде жасаўшы ҳǝр бир пуқара миллети ҳǝм динине қарамастан мǝмлекетлик тилге айрықша ҳүрмет кѳрсетиўге жуўапкер болып табылады.

Руслан ИСАКОВ,

Кегейли районы ҳǝкиминиң руўхый-ағартыўшылық жумыслары нǝтийжелигин асырыў мǝмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине ǝмел етилиўин тǝмийинлеў раўажландырыў мǝселелери бойынша мǝслǝҳǝтшиси.

02.10.2020 10:15:26 1438