КЕГЕЙЛИ РАЙОНЫ ҲӘКИМИНИҢ “МУҒАЛЛИМЛЕР ҲӘМ УСТАЗЛАР” КҮНИ МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН БИЛИМЛЕНДИРИЎ ЎӘКИЛЛЕРИНЕ БАЙРАМ ҚУТЛЫҚЛАЎЫ

30.09.2020 11:42:32 850 Баспаға шығарыў

Ассалаўма әлейкум заманласлар!

Ҳүрметли билимлендириў ўәкиллери, пидайы устазлар ҳәм оқытыўшылар!

Ең дәслеп сиз әзизлерди сизлердиң тымсалыңызда устаз деген уллы атаққа мүнәсип болып киятырған елимиздеги барлық инсанларды улыўма халықлық байрамымызға айланған- «МУҒАЛЛИМЛЕР ҲӘМ УСТАЗЛАР»күни менен  шын кеўлимнен қызғын қутлықлайман. Сизиң жас әўладты тәрбиялап, камалға келтириўдей машақатлы ўазыйпаңыз сан мың алғысларға ылайық десек орынлы.

Бул қутлы күнди мәмлекетимизде көтериңки дәрежеде белгилер екенбиз, биринши нәўбетте қәдирдан мектебимиз, кәмилликке қарай бағдар берген мийримли муғаллимлеримиз тымсалы көз алдымызда сәўлеленеди. Биз ушын өрнек, жоқары инсаний пазыйлетлер тымсалы болған сизлер сыяқлы қәдирли устазлар атына кеўил төримизден атыла шыққан ең гөззал ҳәм терең мазмунға ийе сөзлеримизди бағышлаймыз.

Пандемия шараятына қарамастан,бүгинги дәўирде де елимизде жүдә көп саўаплы ислер болып атырғанын ҳәммемиз көзимиз бенен  көрип, гүзетип, барлығымыз жақсы басламалардың қатнасыўшысы болып турыппыз. Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен мәмлекетимиз  раўажланыўдың жаңа басқышына көтерилди. Бундай ийгиликли басламалар нәтийжесинде рухый-ағартыўшылық, билимлендириў,илимий-дөретиўшилик бағдарларында да үлкен тарыйхый өзгерислер болып атыр. Усындай өзгерислерден халқымыз, әсиресе, билимлендириў ўәкиллери жүдә қуўанышлы.

Уллы тулғаларымыздан бири Әлишер Наўайы өз қатарларында:

«Устазлардың жоқары мийнетин дүняның барлық ғәзийнеси менен де теңлестирип болмайды,»-деп келтриген. Хақыйқатында да ҳәр бир жасты өз перзентиндей қәдирлеп, оның билимли болыўы ушын көз ҳәм кеўил нурын бағышлайтуғын устазлар шын мәнисинде пидайы кәсип ийелери деп ҳөктем даўыс пенен айтсақ та арзыйды. Устазылық атағы бул ең уллы жетискенлик. Ағартыўшылық жолында бизге сабақ берген, өмирде өз орнымызды табыўда көмекши болған устазларымызды удайы қәдирлеймиз. Сизлердиң машақатлы, жуўапкершиликли кәсибиңизде сабырлылық, таўсылмас күш-ғайрат, илимиңиз жолында айдынлық тилеймен.

Әзиз устазлар! Бәршеңизге терең денсаўлық, шаңарағыңызға тынышлық, татыўлық, берекет тилеймен. Мәмлекетимиздиң келешегин жаратыўдай саўаплы, ийгиликли ислериңизде жигерлилик сизди тәрк етпесин!

Кегейли районы ҳәкими: М.Абдиров

30.09.2020 11:42:32 851