Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызметиниң рәсмий жуўабы

24.09.2020 12:39:36 1345 Баспаға шығарыў

“Жылуан жап” МПЖ  Ж.Шаниязов  көшеси турғыны   1983-жылы туӯылған Атамуратова Зийўардың Социаллық тармақта тарқалған  “Жылуан жап” МПЖ тәрепинен шаңарағына ҳеш қандай жәрдем берилмей атырғанлығын айтып жазған мүрәжати бойынша шаңарағын үйренғенимизде, пуқара Атамуратова Зийўардың жасап атырған имараты төбеси шифрланған, 7-ханадан ибарат болып барлық ханалар полланған, потолокланған, ысытыӯ системасы менен ҳәм электр энергиясы менен тәмийинленген, заманагөй телевизор, музлатқыш пенен тәмийинлеген ҳеш қандай мүтәжлиги жоқ.

Пуқара 1983-жылы туӯылған  Атамуратова Зийуар мийнетке жарамлы,   ҳәзирги  ӯақытта жумыссыз, 1980-жылы туӯылған өмирлик жолдасы Д.Р  ӯақтынша жумыссыз, мийнетке жарамлы ҳәзирги ӯакытта Қазақстан Республикасында қол ушы талап ислейди, 2010-жылы туӯылған қызы А. Ш, 2011-жылы туӯылған перзенти А.Е ҳәм 2018-жылы туӯылған балалықтан нәгиран (уршық) А.С менен бирге жасайды. Атамуратова Зийўардың 2018-жыл 5-августта туӯылған перзентине  “Жылуан жап” МПЖ 2019-жыл июнь айынан баслап    2020-жылдың сентябрь айына шекем 2-жаска шекемги балалар напақасы 484000 сўм муғдарында төленгенлигин, 2018-жыл Атамуратова Зийўардың атына өзин -өзи бәнт етиӯ ушын Кегейли “Агро банк” бөлиминен жеңиллетилген кредит есабынан саӯын мал алып

берилгенлигин, карантин  дәӯиринде бул  шаңараққа 2020-жыл апрель айында 1 мәртелик азык-аӯқат өними, Қурбан ҳайт байрамы мүнәсибети менен 800000 сӯм муғдарында ақшалай ҳәм Өзбекстан Республикасы  Президентиниң  2020-жыл 26-август күнги  ПҚ-4815-санлы қарарына тийкар нәгиранлығы болған 16-жасқа толмаған 2018-жылы туӯылған, балалықтан нәгиран қызы А. С диң 2020-жыл сентябрь айындағы напақасы 684464 сўм пулына қосып  500000 сўм муғдарында материаллық жәрдем напақасы берилгенлигин  ҳәм   МПЖ тәрепинен жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлардың дизимине киргизилетуғын “Ҳаял-қызлар” дәптерине киргизилип, нәгиран перзенти бар ҳаял-кызларды қоллап-қуӯатлаӯ мақсетинде үй шараятында бәнтлигин тәмийинлеӯ мақсетинде тигиӯ машинасына алыӯ ушын дизимге алынғанлығын, үй алды қыйтақ жерине егислик  егиӯде “Абаданластырыӯ кәрханасы” тәрепинен жәрдем берилгенлигин ҳәм Атамуратова Зийўар өзиниң жасап атырған турақ жайын емес, мал қорасының есигин ҳәм қосымша салынған асханасының фото көриниси екенлиги анықланғанлығын мәлим етип  билдиремиз.

Усы орында блогер ҳәм журнаслитлеримизден пуқаралар мүрәжатин жәмийетке әшкара етиў, оларды ўәкиллик органларына, мәкемелерге жеткериўден алдын сизге келип түскен мүрәжаттың дүрыслығын, тийкарларға ийе екенлигин үйренип шығыўды соранамыз. Себеби, ҳәр қандай мүрәжат яки шағым артында инсан тәғдири,оның орталықтағы абырайы, шахстың жеке сыры ҳәм кол қатылмаслық хуқықлары турады.  Өзбекстан Республикасы Конституциясының 67-статясында “Ғалаба хабар қураллары еркин ҳәм нызамға муўапық жумыс алып барады. Олар информацияның дурыслығы ушын белгиленген тәртипе жуўапкер. Цензураға жол қойылмайды.” –деп көрсетилген. Солай екен, биз, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери жәмийетке усынып атырған ҳәр кандай информациямыздың дурыслығы ушын тиккелей жуўапкер екенимизди умытпайық.

 

Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

 

 

24.09.2020 12:39:36 1346