СУД ИСКЕРЛИГИНДЕ ЗАМАНАГѲЙ ТЕХНОЛОГИЯЛАРДАН ПАЙДАЛАНЫЎ НӘТИЙЖЕЛИГИ АРТАДЫ

18.09.2020 11:18:37 1214 Баспаға шығарыў

Пуқараларымыздың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин нәтийжели қорғаўды тәмийинлеўде суд-ҳуқық дүзимин реформаластырыў мәмлекетимиздиң тийкарғы уазыйпаларынан бирине айланған. Сол себепли кейинги жылларда Ѳзбекистанда суд-ҳуқықтараўында кѳплеген ѳзгерислер әмелгеа сырылды. Мәмлекетимиз тәрепинен әмелге асырылып атырған булл илажлар судьялар ис сапасын ҳәм ислерди кѳрип шығыўын тезлестириў имканиятын бермекте.

ѲзбекистанРеспубликасыПрезидентиниң 2020 жыл 3 сентябрдеги «Суд ҳәкимияты органлары искерлигин есапластырыў исилажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4818-санлы қарары қабыл қылынғанлығы судлар дизиминдеги искерликти және де жетилистириўге тийкар болды десек қәтелеспеймиз. Усы қарарға кѳре әмелдеги нызамшылыққа суд органлары искерлигин есапластырыў технологияларын енгизиўге қаратылған ѳзгерис ҳәм қосымшаларды киритиў менен байланыслы нормалар белгиленди.

Қарар менен тѳмендегилерди нәзерде тутыўшы 2020-2023 жылларда суд ҳәкимияты органлары искерлигин есапластырыў дәстүри тастыйықланды.

– 2021 жыл 1 январдан баслап судларда суд мәжилисин тәреплердиң илтимаснамасы ҳәм суд мәжилисинде басшылық етиўшининң разылығы менен аудио жазыўдан пайдаланған ҳалда белгилепбарыў ҳәмде суд мәжилиси баяннамаларын усы дизимнен пайдаланған ҳалда қәлиплестириў;

2021жыл 1 июлдан баслап апелляция ҳәм кассация инстанциясы судларында ислерди автаматик рәўиште бѳлистириў;

– 2021 жыл 1 октябрден баслап бәрше қатнасыўшыларды  суд мәжилислериниң ўақты ҳәм орны ҳаққында «СМС» хабар арқалы бийпул хабардар қылыў;

– 2022 жыл 1 январдан суд қарарларын тәреплерге онлайн тәризинде, олардың илтимасына кѳре қағаз формасындабериў;

– 2022 жыл 1 июлғ ашекем судлар ислеринде пуқаралар ҳәм исбилерменлерге әдил судлаўға ерисиўде қолайлық жаратыў мақсетинде 10 ға жақыни интерактив хызметлер кѳрсетиўди жолға қойыў;

– 2023 жыл 1 январдан суд ислерин мәмлекет архивине электрон формада тапсырыў ҳәм қабыл қылыў белгиленген.

Судлар искерлигинде заманагѳй технологияларды кең қоллаўбойынша әмелге асырылып атырған булл реформалар пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерине ѳз ҳуқықлары ҳәм мәплерин қорғаў ушын судқа мүрәжат қылыўды еркинлестириў әдил судлаўға ерисиў дәрежесин асырыў, судлар искерлигиниң ашықлығын тәмийинлеў имканиятын береди.

 

Жынаят ислери бойынша

Кегейли районы суды баслығы                              А.Аметов.

 

 

18.09.2020 11:18:37 1215