Лицензиялаў ҳәм рухсат бериў қәсийетине ийе бир қатар ҳүжжетлер бийкар болмақта

15.09.2020 13:33:41 530 Баспаға шығарыў

Соңғы жылларда Республикамызда исбилерменлик ҳәм инвестиция орталығын түптен жақсылаў, лицензиялаў ҳәм рухсат бериў, сондай-ақ, ескирген, заман талапларына сәйкес келмейтуғын тәртип-қағыйдаларды ҳәмде артықша бюрократик тосықларды сапластырыў арқалы исбилерменлик субъектлери искерлиги ушын жәнеде кең шәрт-шәраятларды жаратыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң  «Лицензиялаў ҳәм рухсат бериў тәртип-қағыйдаларын түптен жетилистириў ис-иләжлары ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилди.

Пәрманға муўапық, 2021-жыл 1-январдан баслап:

  • 37 лицензия ҳәм 10 рухсатнама улыўма бийкар етиледи;
  • 16 лицензия ҳәм 11 рухсатнама бирлестириў жолы менен бийкар етиледи;
  • 17 лицензия ҳәм 14 рухсатнамалар хабардар етиў тәртиби енгизилиў жолы менен бийкар етиледи;
  • 14 түрдеги лицензия ҳәм рухсатнамаларды рәсмийлестириў мүддетлери еки есеге қысқартылады;
  • 115 лицензия ҳәм рухсат бериў қәсийетине ийе ҳүжжетлерди алыў тәртип-қағыйдалары еледе әпиўайыластырылады.

Пәрманға көре, хабардар етиў тәртиби енгизилген искерлик (ҳәрекет) ушын рәсмийлестирилген лицензия ямаса рухсат етиў қәсийетине ийе ҳүжжетлердиң әмел етилиўи өз күшинде қалады ҳәм усы искерлик (ҳәрекет)ти әмелге асырыў ушын ўәкилликли уйымды хабардар етиў талап етилмейди ҳәмде 2021-жыл 1-январға шекем лицензиялаў, рухсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары менен байланыслы барлық жараянларды қамтып алған «Лицензия» мәлимлеме системасы ислеп шығылады ҳәмде 2021-жыл 1-январдан, лицензиялаў, рухсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары басқышпа-басқыш толық электрон тәризде «Лицензия» мәлимлеме системасы арқалы әмелге асырылады;

Соның менен бирге 2021-жыл 1-январдан баслап;

  • туризм искерлигин лицензиялаўда туроператорлар хызметлерин сертификатлаў ықтыярий етип белгиленеди.

Төмендеги тәртип-қағыйдалар бийкар етиледи.

  • кредит бюролары искерлигин лицензиялаўда кеминде 10 коммерциялық банк пенен кредит алмасыўын әмелге асырыўға разылығын тастыйықлаўшы ҳүжжет бар болыў талабы,
  • дәрилик затлар ҳәм медициналық буйымларды усақлап сатыў искерлигин лицензиялаўда усы искерлик ушын лицензияға болған юридикалық шахслар тәрепинен олардың тап сондай искерлик пенен шуғылланыўшы филиаллары шөлкемлестирилгенде ҳәр бир филиал мәнзилин тийкарғы лицензияда көрсетиў әмелиятын енгизиў арқалы филиалларға айырықша лицензия рәсмийлестириў әмелияты;
  • жер асты участкаларынан пайдаланыў ҳуқықы ушын лицензия алыўда талапкерден жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларының кепиллик хатларын алыўды талап етиў тәртиби.

Лицензия тараўындағы нызам бузылыўлары ҳаққында хабар берген шахслар хошаметленеди, яғный бунда лицензия тараўындағы нызам бузылыўлары ҳаққында хабар берген шахслар ҳуқықбузарлық өз тастыйығын тапқанда өндирилген жәрийманың
10 пайызы муғдарындағы пул сыйлығы менен хошаметленеди.

Пәрманға муўапық, ўәкилликли уйымлар тәрепинен төмендеги ҳәрекетлердиң әмелге асырылыўы қадаған етиледи:

– лицензиялар бериў, олардың әмел етиў мүддетин узайтырыў ҳәм оларды қайта рәсмийлестириўде лицензия талапкериниң коммунал хызметлер ушын төлемлер бойынша қарыздарлығы себепли мәмлекетлик хызметлерин көрсетиўден бас тартыў;

– лицензия ҳәм рухсат бериў қәсийетине ийе ҳүжжетлерди мәмлекетлик уйымлары ҳәм исбилерменлер ортасында дүзилетуғын өз ара шәртнамаларға алмастырыў;

– лицензия ҳәм рухсат бериўге байланыслы талап ҳәм шәртлерде нәзерде тутылмаған хақы есесине басқа түрдеги хызметлерден пайдаланыўға ямаса рухсат бериў қәсийетине ийе ҳүжжетлерди алыўға тиккелей ямаса тиккелей емес түрде мәжбүрлеў.

Сондай-ақ, 2020-жылда мүддети тамамланатуғын барлық лицензия ҳәм рухсат бериў қәсийетине ийе ҳүжжетлердиң әмел етиў мүддети 2021-жыл 1-январға шекем узайтырылды.

Лицензия ҳәм рухсат етиў қәсийетине ийе ҳүжжетлерди тамамлаў ҳәм бийкар етиў тек ғана суд тартибинде әмелге асырылады.

Бул жөнелислерде алып барылған жумыслар лицензиялаў ҳәм рухсат бериў системасын жетилистириўде беккем тийкар жаратады.

 

Кегейли районы
Мәмлекетлик хызметлер орайы
бөлим баслығы С.Отегенов

15.09.2020 13:33:41 531