ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ТОҒЫЗЫНШЫ СЕССИЯСЫ БОЛЫП ӨТТИ

14.09.2020 10:24:21 1022 Баспаға шығарыў

Халық депутаталары Кегейли районлқ кеңесиниң гезектеги сессиясы болып өтти. Сессиямызға сектор басшылары, тийисли мәкеме, кәрхана, шөлкемлер ҳәм өзин-өзи басқарыў уйымларының баслықлары қатнасты.  Сессияның хаткери етип 21-санлы «Кегейли» сайлаў округинен депутат Бегжанов Бахадыр Хошымбетович сайланды.

Сессияның күн тәртибинде район аймағында кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелиги ҳаққында мәселе көрип шығылды.

Бул мәселе бойынша өз пикирлерин билдириў ушын сөз 12-санлы “Бердах” сайлаў округинен депутат Жуманазарова Гулчехра Жумахмедовнаға сондай-ақ, 18-санлы “Қазаяқлы” сайлаў округинен депутат Аннакулов Халмурза Сарсенбаевичқа берилди. Бул бойынша депутатлар билдирилген пикир хәм усынысларды инәбатқа алды.

Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

14.09.2020 10:24:21 1023