Айрықша жағдайлардан сақ болайық!

13.09.2020 10:41:42 485 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасының Бас Министри – Пуқаралық қорғаў баслығының 2020-жыл 10-январдағы 11-санлы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығы – Пуқаралық қорғаў баслығының 2020-жыл 10-мартдағы 12-санлы буйрықлары талапларын орынлаў мақсетинде, Кегейли районы АЖМД аймақлық төмен дизиминдеги күш ҳәм қуралларының таярлық дәрежесин анықлаў мақсетинде, усы жылдың 9 -11 сентябрь күнлери Кегейли районында Айрықша жағдайларда олардың алдын алыў ҳәм ҳәрекет етиў мәмлекетлик дизими хызметлериниң, мүлкшилик жағдайына қарамастан кәрхана, шөлкем ҳәм мәкемелер, аўыл ҳәм мәҳелле пуқаралар жыйынлары ўәкиллери ҳәм халықты қосқан ҳалда “Басқарыў шөлкемлери, АЖМД  аймақлық ҳәм функционал төмен дизимлериниң тәбиий ҳәм техноген ҳарактердеги айрықша жағдайлар ақыбетлерин сапластырыў бойынша ҳәрекети” атамасында командалық-штабы оқыў шынығыўы өткерилди.  2020-жыл 9-сентябрь күни оқыў шынығыўының биринши күни саат 7:00 “Жыйын ” сигналы менен басланып, Кегейли районы байланыс ҳәм хабарландырыў бөлими көзден өткерилди. Район телекоммуникация тармағы арқалы кәрхана, шөлкем ҳәм мәкемелер 49 басшы қурамына хабар берилди.

Саат 8: 00 ден 09:00 ге шекем район АЖМД аймақлық ҳәм функционал төмен қурамындағы басқарыў шөлкемлери менен район ҳәкими орынбасары – Командалық-штабы оқыў шынығыўы штабы баслығы К.Алланазаров басшылығында жыйналыс өткерилди. Жыйналыста район  хызметлери басшыларының есабатлары тыңланди ҳәм тийисли анықлықлар киргизилди. Жыйналыс соңында тийисли көрсетпелер берилди.

 

Саат 09:00 ден 10:00 ге шекем Халқабад гүзары көшеси “Сувмахсусдавпудрат” ЖШЖде “Жыйма команда”сы ҳәм АЖМД хызметлериниң күш-қуралларының сап көриги өткерилди. Илажға жәми 251 исши хызметкер ҳәм 26 техника қураллары қатнасты ҳәм “Жыйма команда”сының күш ҳәм қураллары ҚР АЖБ (Қарақалпақстан республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы) тәрепинен айрықша жағдайларда ҳәрекет етиўге “Тайын”деп баҳаланды.

Саат 10:00 ден 12:00 ге шекем

«Халқабад пахта тазалаў ”АЖда “Жүзеге келиўи мүмкин айрықша жағдайлар жүз бергенде обьект басшылар қурамы ҳәм пуқаралық қорғаў структураларының ҳәм район АЖМД хызметлери менен биргеликтеги ҳәрекетлери” атамасында арнаўлы -тактик оқыў шынығыўы өткерилди. Илажда  157 исши хызметкер ҳәм 9 техника қураллары қатнасты ҳәм обьект ҚР АЖБ тәрепинен айрықша жағдайларда ҳәрекет етиўге “Шекленген тайын” деп баҳаланды.

Соның менен бирге, “Қарақалпақстан регионлық пахта терминалы ” ЖШЖ қурамындағы пахта тазалаў кәрханалары ҳәм пахта қабыллаў пунктлериниң өртге қарсы жағдайын жақсылаўға байланыслы жумысларды шөлкемлестириўге тийисли болған ҳәмде жоқары нәтийже ҳәм жақсы көрсеткишлерге ерискенлерди анықлаў бойынша көрик-таңлаў жуўмағы өткерилди.  Саат 15. 00 ден 17. 00 ге шекем “Мәденият ” МПЖ аймағында “Гүз-қыс мәўсиминде жүзеге келиўи мүмкин болған айрықша жағдайлардың алдын алыў бойынша мәҳалледе, ийис газы, азық-аўқаттан зәҳәрлениў ҳәм қутырыў кеселигинен жәбирлениў жағдайларында АЖМД хызметлериниң биргеликтеги ҳәрекетлери” темасында арнаўлы -тактик оқыў шынығыўы өткерилди. Оқыў шынығыўына жәми 92 исши хызметши ҳәм 7 техника қураллары қатнасты ҳәм тиймисли хызметлер ҚР АЖБ тәрепинен айрықша жағдайларда ҳәрекет етиўге “Тайын” деп баҳаланды.

Саат 17:00 ден 18:00 ге шекем “Ақтуба” АПЖ аймағында район газ, електр ҳәм суў тармақлары кәрханалары қатнасыўында “Жер силкиниў нәтийжесинде жүзеге келген аварыяларды сапластырыў бойынша ҳәрекетлери” темасында арнаўлы -тактик оқыў шынығыўы өткерилди. Оқыў шынығыўына жәми 84 исши хызметкер

ҳәм 8 техника қураллары қатнасты ҳәм хызметлерге айрықша жағдайларда ҳәрекет етиўге “Тайын” деп баҳаланды.

Командалық-штаб оқыў шынығыўының биринши күнинде жәми:

633 исши хызметкер ҳәм 50 техника қураллары қатнасты.

2020-жыл 10-сентябрь күни:

Саат 9:00 ден 11:00 ге шекем районда жүз берген жер қыймылдаўы ақыбетинде Кегейли районы “Жылўан жап” АПЖ Дослық гүзары көшесидеги қараўсыз имәратда жүзеге келген бүлгиншиликлер ақыбетинде жолларды топланып қалған үйимлерден тазалаў, жәбирленген, дерексиз жоғалған пуқараларды анықлаў , зыян жеткен жолларды оңлаў, електр линиясындағы аварияны сапластырыў, електр тәмийнатын қайта тиклеў майданынан, район “Жыйма команда”сы күш-қураллары тәрепинен қыдырыў -қутқарыў, тазалаў, қайта тиклеў жумысларын әмелге асырыўдағы ҳәрекети бойынша арнаўлы -тактик оқыў шынығыўы өткерилди. Оқыў шынығыўына жәми 182 исши хызметкер ҳәм 34 техника қураллары қатнасты ҳәм хызметлер усындай түрдеги айрықша жағдайларда ҳәрекет етиўге “Тайын” деп баҳаланды.

Саат 11:00 ден 12:00 ге шекем Кегейли районы Почта тармағы имәратында “Белгисиз почта жөнетпеси анықланғанда атқарылатуғын ҳәрекет”лери темасында арнаўлы -тактик оқыў шынығыўы өикерилип, илажда жәми 36 исши хызметкер ҳәм 3 техника қураллары қатнасты ҳәм обьект “Шекленген тайын ” деп баҳаланды.

Саат 15:00 ден 16 :30 ға шекем Район медицина бирлеспеси 1-санлы көп тармақлы поликлиникасы ҳәм “Абат Макан” МПЖда “Куйдирги кеселлигиниң тәбиий ошақларының келип шығыўы ҳәм тарқалыўының алдын алыўда АЖМД хызметлериниң шерикликтеги ҳәрекетлери” темасында арнаўлы -тактик оқыў шынығыўы өткерилди. Оқыў шынығыўына жәми 56 исши хызметкер ҳәм 6 техника қураллары қатнасты ҳәмде тийисли хызметлер “Шекленген тайын” деп баҳаланды.

Саат 16 :30 дан 17:30 ға шекем Агробанк Кегейли районы филиалында “Жер силкиниў әқибетинен пайдаланған жынайый топарларды ҳәм айыпкерлер тәрепинен әмелге асырылған қопарыўшылық ақыбетлерин сапластырыў ҳәрекетлери” темасында арнаўлы -тактик оқыў шынығыўы өткерилди. Оқыў шынығыўына жәми 64 исши хызметкер ҳәм 7 техника қураллары қатнасты ҳәм тийисли хызметлер айрықша жағдайларда ҳәрекет етиўге “Тайын” деп баҳаланды.

Өткерилген командалық-штабы оқыў шынығыўы соңында шынығыўға белсене қатнасқан хызметлер район ҳәкимлиги, Қарақалпақстан республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы ҳам  Минисрлер Кеңеси тәрепинен хошаметлеў ислери әмелге асырылды.

 

Кегейли районы Айрықша жағдайлар бөлими.

13.09.2020 10:41:42 486