Өзбекстан Республикасы ғәресизлигиниң 29 жыллық байрам мүнәсибети менен районымыздағы жәрдемге мүтәж, кем тәмийинленген шаңарақлардың жағдайынан төрт сектор басшылары тәрепинен хабар алынды. Бунда басшылар шаңарақ туғрынларын байрам менен қызғын қутлықлап, керекли азық-аўқат өнимлерин тапсырды.Пуқаралар жағдайынан хабар алыў менен бирге, олардың тилек өтинишлери тыңланып, орынланыўы керек болған уазыйпалар инәбатқа алынды.
-Байрам қарсаңында пуқараларымыздың кеўлине азғана болса да заўық бағышлаған болсақ, биз буннан кўанышлымыз-,дейди басшыларымыз.
Хақыйқатында да районымыз көлеминде бундай жумыслардың алып барылыўы байрамға жәнеде өзгеше руҳ бағышлап, турғынларымызды миннетдаршылық сезимине бөлейди.








