Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң сегизинши сессиясы болып өтти. Сессияға районлық Кеңестиң депутатлары толық қатнасты. Соның менен биге сессияда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты Джумамуратов Руслан Таңатарович ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Қурбаниязов Даўытбай Қалбаевичлар қатнасты. Сондай-ақ, сессия мәжилисине райондағы сектор басшылары, тийисли мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң басшылары мирәт етилди. Сессияның хаткери етип 22-санлы «Қылқалы» сайлаў округинен депутат Мухамбетов Ережеп Қутлымуратович сайланды.
Күн тәртибинде еки мәселе көрип шығылды. Күн тәртибиндеги биринши мәселе Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен усы жылдың 20-август күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша районымыз халқының жәрдемге мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў (темир дәптер), исбилерменликти раўажландырыў, бюджет дәраматларын арттырыў ҳәм сырт еллерде мийнет еткен жумыссыз пуқараларды жумысқа жайластырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары ҳаққында.
Бул бойынша Кегейли районы ҳәкиминиң финанс-экономикалық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары Ещанов Насыр Муратбаевич шығып сөйледи. Сондай-ақ, көтерилген мәселе бойынша өз пикирлерин билдириў ушын сөз 2-санлы “Б.Айназаров” сайлаў округинен депутат Утегенов Узақбай Қазақбаевичқа ҳәм 10-санлы “Пахта-пункт” сайлаў округинен депутат Қазақбаев Базарбай Оразбаевичке берилди.
Күн тәртибиндеги екинши мәселе 2020-жылдың 7 айы даўамында әдил судлаўды әмелге асырыў бойынша алып барылған жумыслар ҳаққында Кегейли районы ҳәкимшилик суды баслығы Р.Назаровтың мәлимлемеси ҳаққында. Бул бойынша депутатлар билдирилген тийисли пикирлерди инәбатқа алды. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң сегизинши сессиясына қойылған мәселелер толығы менен көрип шығылды.
Кегейли районы хәкимлиги мәлимлеме хызмети