Ҳәкимшилик бақлаӱ – суд тәрепинен бақлаӱ астындағы шахсларға белгиленген ҳәкимшилик шеклеӱлерди қоллаӱдан ибарат тәрбиялық, профилактикалық тәсир кѳрсетиӱ шаралары топламы.
Ҳәкимшилик баҳлаӱды белгилеӱ, бундай ислерди суд процессинде кѳрип шығыӱ тәртиби 2019 жыл 3- апрель күни қабыл қылынған «Жазаны ѳтеӱ орынларынан азат қылынған айрым түрдеги шахслар үстинен ҳәкимшилик бақлаӱ ҳаққында»ғы Ѳзбекистан Республикасы Нызамы менен тәртипке салынады.
Жоқарыда кѳрсетилген нызамның 6-статьясына кѳре, ҳәкимшилик бақлаӱ ер жеткен тѳмендеги шахсларға қолланылады;
– суд тәрепинен ѳте қәӱипли рецидивист деб табылған шахсларға;
– аӱыр ҳәм ѳте аӱыр жынаят ислегенлиги ушын еркинен айырыӱ жазасына ҳүкм етилген шахсларға;
– ҳәр қандай қасддан қылған жынаятлары ушын еки яки бир неше мәрте еркинен айырыӱ жазасына ҳүкм етилген шахсларға.
Сондай-ақ ҳәкимшилик бақлаӱ Ѳзбекистан Республикасы Жынаят кодексине муӱапық аӱыр ҳәм ѳте аӱыр жынаят есапланған қылмысларды ислегенлиги ушын басқа шет мәмлекет аймағында еркинен айырыӱ жазасын ѳтеп шыққан шахсларға қолланылады.
Ҳәкимшилик бақлаӱ ер жетпеген шахсларға ҳәм судланғанлығы алып тасланған яки судланғанлық мүддети ѳткен шахсларға қолланылыӱы мүмкин емес.
Бақлаӱ орнатылған шахсларға суд тәрепинен исленген қылмыстың белгилерин есапқа алған ҳалда суд қарары менен тѳмендеги шеклеӱлер орнатылыӱы мүмкин;
– жасаӱ орнынан сутканың белгиленген ӱақытда шығыӱды шеклеӱ;
– суд қарарында белгиленген орынларда болыӱын шеклеӱ;
– суд тәрепинен белгиленген аймақтан ишки ислер органларынның рухсатысыз шығыӱды шеклеӱ;
– ҳәр айда бир мәртеден тѳрт мәртеге шекем дизимнен ѳтиӱ ушын ишки ислер органларына келиӱ;
– спиртли ишимликлерди ишиӱди шеклеӱ.
Усы шеклеӱлер бақлаӱ орнатылған шахстың турмыс тәризи, семья жағдайы ҳәм басқа ҳалатларды итибарға алған ҳалда толық яки айрымлары қолланылыӱы мүмкин.
Усы шеклеӱлерди бӱзғанлық Ҳәкимшилик жуӱапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 206-статьясы менен жуҳапкершиликке тартыӱ ушын асас болады. Бақлаӱ орнатылған шахс ҳәкимшилик жуҳапкершиликке тартылғанынан кейин бир жыл ишинде тәкраран шеклеӱлерди бӱзса, бу ҳәрекет Жынаят кодексининг 226-статьясы менен жынаый жуӱапкершиликке тартылыӱы белгиленген.
Ҳәкимшилик бақлаӱ алты айдан бир жылға шекемги мүддетге орнатылып, суд қарары шыққан ӱақыттан баслап есапланады.
Ҳәкимшилик бақлаӱ жазаны ѳтеӱ колонияларынан азат қылынған айрым шахсларға жеке тәртипте профилактикалық тәсир корсетип олар тәрепинен ҳуқықбузарлық ислениӱиниң алдын алыӱ мақсетинде қолланылады.
Жынаят ислери бойынша Кегейли районы суды баслығы А.Аметов