Мақсетимиз мәҳәлле тынышлығы хәм абаданлығы

26.06.2020 13:20:10 493 Баспаға шығарыў

Республикамызда ҳаял-қызлардың хуқықларын қорғаў, олардың жәмийеттеги орнын ҳәм абыройын асырыў, мәмлекетимизде амелге асырылып атырған реформалардан хабардар етиў мақсетинде Кегейли районы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бѳлими тәрепинен «Мәмлекет раўажланыўында ҳаял-қызлар үлеси» атамасында 2020 жыл 25 июнь күни Кегейли районы ҳәкимлиги депутатлар залында сәўбетлесиў ѳткерилди. Илажды Кегейли районы мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бѳлими баслығының биринши орынбасары Г.Хожамбергенова алып барды. Илажға депутат ҳаял-қызлар, «Муътабар аёл» кѳкирек нышаны менен сыйлықланған Г.Тилеўмуратова, А.Алланиязовалар ҳәм ПЖлары баслықларының шаңарақ, ҳаял-қызлар ҳәм социал-руўхый мәселелер бойынша орынбасарлары қатнасты. Сәўбет даўамында мәмлекетимизде ҳаял-кызларға ҳүрмет-итибар кѳрсетиў, олардың жәмийет турмысындағы мәртебесин ҳәм социал-сиясий белсендилигин асырыў, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды ѳнерментшилик, жеке, шаңарақлық исбилерменлик пенен шуғылланып ѳзин-ѳзи бәнт етиўлери, шаңарағына қосымша дәрамат киритиўи ушын жол-жоба кѳрсетиў, мәҳәллелер ҳәм шаңарақлардың тынышлығын турақлы сақлап қалыўда биринши гезекте мәҳәллениң кѳше бийлери, белсенди апалары турмыс тәжрийбелеринен пайдаланыўды жолға қойыў, ҳаял-қызлардың машқалаларын ѳз орнында шешиў ҳ.т.б. мәселелер додаланды ҳәмде келешектеги ўазыйпалар белгилеп алынды. Районымызда ҳәр бир жуўапкерли басқарыў органларының жәмийет ушын әҳмийетли мәселелерди көтерип шығыўы ертеңги келешегимиз ушын тийкар жаратады.

 

Кегейли районы хәкимлиги мәлимлеме хызмети

26.06.2020 13:20:10 494