Социаллық тармақларда Сизиң “Қорақалпоғистондаги эшонлар қалъасига эътибор керак” атамасындағы мақалаңыз жарытылғаннан соң бул мақала кѳпшилик арасында үлкен додалаўларға себеп болды. Бул мәдений мийрас бойынша алып барылып атырған ҳәм режеде турған ислер хаққында төмендегилерди мәлим етип билдиремиз.
“Ийшан қала” тарийхый-мемориал комплекси-мәмлекетлик қорғаўға алынған ҳәм республикалық статусқа ийе мәдений мийрасларымыздың бири болып, Нөкис қаласынан 26 км арқа-шығыста, Нөкис-Шымбай автогүзары бойында Кегейли районына қараслы «Жүзимбағ» АПЖ аймағында жайласқан. ХVIII әсирдиң басында Қарақалпақстан аймағында диний қараслар әдеўир раўажланған ҳәм сол ўақытларда көплеген мешит, медресе диний тәлиймат беретуғын киши-киши қорғанлар пайда болған. Мине усындай тарийхқа ийе мәдений мийрасларымыздың сақлап қалыныўы, оларға жергиликли халықтың итибарын қаратыў, тарийхый сәнелерди еске алыў, белигилеў илажаларын әмелге асырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси 2019-жыл 18-сентябрдеги
№6/1999-санлы хаты менен Кегейли районы ҳәкимлигине мүрәжат еткен еди. Кегейли районы ҳәкимлигиниң 2019-жыл 28-ноябрдеги
№01/1466-санлы жуўап хатында Кегейли районы ҳәкимлиги “Жүзим бағ” АПЖ аймағында жайласқан “Ийшан қала” тарийхый естелигиниң қурылғанына 200 жыл, қамал ўақыясына 100 жыл толыў мүнәсибети менен өткерилиўи режелестирилген конференцияны өткериў мақсетинде аймақта абаданластырыў жумыслары алып барылып атырғанлығы ҳәм усы абаданластырыў жумыслары жуўмақланғаннан соң “Еки әсир бурынғы тарийх” атамасында конференция өткерилиўин билдирген.
2020-жыл 5-март күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси мәжилисиниң күн тәртибине Өзбекстан Республикасы илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институтының “Ийшан қала” тарийхый мәдений естелигиниң 200 жыллығын жоқары дәрежеде өткериў ҳәм усы естеликте реставрация жумысларын жүргизиў бойынша мәселе қойылып, бул бойынша тийисли қарарлар қабыл етилип, “Ийшан қала” тарийхый-мәдений естелигиниң 200 жыллығы мүнәсибети менен Республикалық илимий әмелий конференция 2020-жылдың 17-18-апрель күнлери өтекрилиўи белгиленди. Сондай-ақ, конференсияны өткериў ушын тийисли жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.
Тилекке қарсы, пүткил жер жүзинде дүньялық машқалаға айланып атырған, жуқпалы кеселлик деп табылған коронавирус пандемиясының бизиң елимизгеде кирип келиўи менен бул илажларды өткериў ўақтынша тоқтатылды. Буннан тийкарғы мақсет жергиликли халықты бир жерге топламай, карантин қағыйдаларына қатаң әмел етиў арқалы жуқпалы кеселликтиң халық арасында тарқалыўының алдын алыў болып табылады.
Ал, район аймағында жайласқан мәдений мийрастың оңлаў жумысларын әмелге асырыў ушын белгиленген илимий тийкарларға сүйениўимиз, соның менен бирге илимий жойбарларға сүйенген ҳалда ис-илажлар алып барылыўы керек екелигин мәлим етип билдиремиз. Усы орында биз бул бағдарда Өзбекстан Республикасы илимлер академисы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен илимий тийкарларға ийе жойбарлар ислениўи керек екенлигин мақсетке муўапық деп есаплаймыз ҳәм мәдений мийрасларымызды келешек әўладқа жеткерип бериў жолында ҳәр қандай үгит-нәсиятлаўшы унамлы илажларды өткериўдиң қоллап-қуўатлаў тәрепдарымыз.
Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети