Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев 9 июнь, сийшемби күни миллий экономика турақлылығын тәмийнлеўге қаратылған, әҳмийетли мәселелер додалаўына арналған жыйналыс өткерди. Бул ҳаққында Президент баспасөз хызмети хабар береди.
Жыйналыста мәмлекет баслығы Қытай әмелиятынан келип шығып, камбағаллық дәрежеси жоқары болған аўылларға министирлик ҳәм басқармаларды бириктирип, мүтәжлерге көмеклесиў системасын жаратыў, шаңарақ исбилерменлиги ҳәм үй алды қыйтақ жери менен шуғылланыўды раўажландырыў бойынша тапсырмалар берди. Мәмлекетлик грант есабында билим алған студентлер 3 жыл мүддетке усындай аймақларға мийнет искерлиги ушын жиберилиўин усыныс етти.
Айтып өтиўинше, 8 июнь күни қабыл етилген «Исбилерменлик жумыслары ҳәм өзин өзи бәнт етиўди мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўды әпиўайыластырыў ис-илажлары хаққында»ғы Президент қарарына муўапық, өзин-өзи бәнт етиўши искерлик түрлери саны 24 түрден 67 түрге көбейтилди.
Еслетип өтемиз, 2020-жыл жуўмағына шекем Андижанда 40 724 шаңарақты, Ферғанада 43 мың шаңарақты камбағаллықтан шығарыў, Өзбекстанда санаат тараўында 145 000 камбағал пуқараны жумысқа жайластырыў режелестирилген.
аўдарма: @kegeylirkuzofficial