СТАТИСТИКАЛЫҚ МАҒЛЫЎМАТ

28.05.2020 09:07:33 822 Баспаға шығарыў

Мәмлекетимизде экономикамыздың негизги көрсеткишлеринен болған киши бизнес  ҳәм  жеке исбилерменликти раўажландырыў пуқараларды исбилерменликке кеңнен тартыў олар ушын шәраятлар жаратыў, микрофирма ҳәм киши кәрханаларда бәнтлиги тәмийнленбеген жасларды жумыс пенен тәмийнлеў бойынша районымызда кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

2020-жылдың 1-май жағдайына бола районымыз аймағында жәми 1157 хожалық жүритиўиши субьектлер мәмлекетлик дизимге алынған болып, солардан киши бизнес субьектлери 395 ти қурайды. Дизимге алынған киши бизнес субьектлеринен хәрекетте турғаны 385 субъект болып, соннан 2020-жылдың 1-январынан усы күнге дейин  54 субъект жыл басынан жаңадан ашылып, бүгинги күнде өз жумысларын жолға қойып,  хызметлерин халқымызға усынбақта. Жаңадан ашылған исбилерменлик субъектлерине мәмлекетимиз тәрепинен берилип атырған жеңилликлер, қолайлықлар хаққында кең түсиник берип келинбекте .

Кегейли районы статистика бөлими

 

28.05.2020 09:07:33 823