Ҳәзирги күнде Мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлер түри 130 дан аслам болып, бул мәмлекетлик хызметлердиң дерлик барлығынан аралықтан (дистанцион) турып (үйиңизде яки жумыс орныңыздан) интернет тармағы арқалы онлайн тәризде яғный, Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (my.gov.uz) арқалы пайдаланыўыңыз мүмкин. Сондай-ақ, мәмлекетлик хызметтен пайдаланыўыңыз ушын төлемиңиз 10 пайызға шегирме бериледи.
Буның ушын ең алды менен Сизде my.gov.uz сайты арқалы мәмлекетлик хызметлеринен пайдаланыў ушын электрон мүрәжатларды жибериўде электрон санлы имза болыўы тийис.
Сонлықтан да, және бир жаңалық, ендиликте электрон санлы имзаныда онлайын тәризде алыўыңыз ушын мүмкиншилик жаратылды. Буның ушын Сиз орайға келместен, үйиңизде яки жумыс орныңызда отырып e-imzo.uz порталынан төмендеги усылларда электрон санлы имза сертификатларын алыўыңыз мүмкин
– электрон санлы имза сертификатын алыў ушын сораўнаманы толтырыў ҳәм паспорт нусқасын, сондай-ақ паспорттың алды тәрепи селфий фотосүўретин қосымша қылыў, (фотосүўреттиң көлеми 5 Мбтан аспаўы керек);
– хызмет ушын төлемди әмелге асырыў, (имтиязға ийе болғанлардан тысқары) яғный физикалық шахслар ушын – базалық есаплаў муғдарының 7 пайызы, юридикалық шахслар ушын базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында: payme, (click, upay, paynet тағы басқа усылларда) төлеў;
– сертификат таярлығы бойынша СМС-хабарнаманы алғаннан кейин өз арзасын
e-imzo.uz сайтында табыў;
– электрон санлы имза сертификаты алынғанлығын тастыйықлаў ҳәм оны компьютерге жүклеў зәрүр.
Демек, Сиз жоқарыдағы усыллардан пайдаланған ҳалда электрон санлы имзаны алсаңыз орайға келиўиңизге қәжет болмайды.
Буннан тысқары, келешекте электрон ракамлы имза менен бәрше мәмлекетлик ҳәкимияты ҳәм басқарыў органлары сондай-ақ, банк хызметлериниң барлық түрлеринен еркин пайдаланыў имкәниятын тәмийинлейди. Сондай-ақ, қағаз ҳүжжетке қолда өзи қойған имза менен бирдей әҳмийетке ийе екенлиги белгиленген.
Соны айрықша айтып, еслетип өтиўимиз зәрүр, ҳәр бир физикалық яки юридиклық шахс өзиниң жеке электрон санлы имзасын өзгелерге исенип тапсырмаўы керек.
Себеби электрон санлы имза арқалы Сизиң атыңыздан түрли нызамсыз ислерди әмелге асырыўы мүмкин.
Ҳүрметли пуқаралар ҳәм исбилерменлер!
Жоқарадағы көрсетип өтилген имкәниятлардан, яғный мәмлекетлик хызметлеринен онлайн тәризде my.gov.uz электрон порталы арқалы үйде яки жумыс орныңызда пайдалансаңыз қымбатлы ўақытларыңыз, финанслық қәрежетлериңиз тежеледи ҳәмде усы тараўда бюрократия, әўерегершилик ҳәм басқа ҳәкимшилик тосқынлықларға жол қоймайсыз.
С.Отегенов, Кегейли районы Мәмлекетлик хызметлер орайы бөлим баслығы.