Арнаўлы экономикалық зонаның қатнасыўшысына жер ажыратыўды бийкар етиўге жол қойылмайды

17.04.2020 12:03:49 1138 Баспаға шығарыў

“Арнаўлы экономикалық зоналар ҳаққында”ғы Нызам (ЎРҚ-604-сан, 17.02.2020-ж.) Президент тәрепинен имзаланды

Нызамғы муўапық, арнаўлы экономикалық зона тийисли аймақты жедел социал-экономикалық раўажландырыў ушын шет ел инвестициялары ҳәм жергиликли инвестицияларды, жоқары  технологиялар ҳәмде басқарыў тәжрийбесин тартыў мақсетинде арнаўлы ажыратылған, белгиленген шегараларға ҳәм арнаўлы ҳуқықый режимге ийе болған аймақ есапланатуғынлығы белгиленген.

Арнаўлы экономикалық зоналар бос турған ҳәм искерлик көрсетпей атырған мәмлекетлик мүлк объектлери, ҳәкимшилик-аймақлық дүзилмелер аймақлары негизинде, сондай-ақ аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлерде шөлкемлестириледи.

Аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер өз алдына жағдайларда тек ғана фармацевтика ҳәм аграр бағдарындағы арнаўлы экономикалық зоналар ушын берилиўи мүмкин.

Министрлер Кабинети арнаўлы экономикалық зоналардың искерлик көрсетиўин ҳәм оларды раўажландырыўды шөлкемлестириў тараўында бирден бир мәмлекетлик сиясат әмелге асырылыўын тәмийинлейди.

Арнаўлы экономикалық зонаның қатнасыўшысына жер участкасын ажыратыўды бийкар етиўге (бас тартыўға) жол қойылмайды.

Арнаўлы экономикалық зоналар төмендеги түрде шөлкемлестирилиўи мүмкин:

еркин экономикалық зоналар;

арнаўлы илимий-технологиялық зоналар;

туристик-рекреацион зоналар;

еркин саўда зоналары;

арнаўлы санаат зоналары.

Сондай-ақ, бундай аймақларда қурал ҳәм оқ-дәрилер ислеп шығарыў ҳәм олардың саўдасын алып барыў,алкоголь ҳәм темеки өнимлерин ислеп шығарыў сыяқлы бир қатар искерлик түрлерин әмелге асырыў қадаған етиледи.

Арнаўлы экономикалық хона Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарына тийкар 30 жыл мүддетке шөлкемлестириледи.

Арнаўлы экономикалық зонаның искерлик көрсетиў мүддетин узайтырыў, шегараларды өзгертиў ҳәм оны сапластырыў Президент қарарына тийкар әмелге асырылады.

Еркин экономикалық зоналар аймағында усы Нызам күшке киргенге шекем еркин экономикалық зоналар дирекциялары тәрепинен дизимге алынған ҳәм инвестиция жойбарларын әмелге асырып атырған еркин экономикалық зоналар қатнасыўшылары ушын нызамшылықта нәзерде тутылған жеңиллик ҳәм преференциялар олар усынылған мүддет өткенге шекем сақлап қалыныўы нызамда белгиленген.

 

Кегейли районы әдиллик бөлими баслығы:  С.Асанов

17.04.2020 12:03:49 1139