Кегейли районы ҳәкимлигиниң рәсмий жуўабы

15.04.2020 18:27:56 1276 Баспаға шығарыў

Кегейли районы аймағындағы 14 аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынында 72466 халық жасайды. Район халқын турақлы ун өнимлери менен тәмийинлеў мақсетинде исбилерменлик субъектлери тәрепинен усы жылдыӊ 15-апрель сәнесине шекем 121,3 тн ун өнимлери биржа саўдалары арқалы сатып алынып, халыққа жеткерип берилди.

Буннан тысқары райондағы алыс аймақларда жасаўшы халықты азық-аўқатлық ҳәм азық-аўқатлық емес өнимлер менен турақлы тәмийинлеў мақсетинде (ун, өсимлик майы, картошка, пияз, гешир, капуста ҳәм т.б.,) көшпели дүкан ҳәм дәриханалар шөлкемлестирилди. Атап айтқанда Ақтуба, Жүзимбағ, Кумшунгул, Жалпақ жап, Абат аўыл пуқаралар жыйынлары ҳәм Нурлы бостан, Бахытлы МПЖ аймақларында жәми 19 орында ярмаркалар шөлкемлестирилди. Жәнеде Район ҳәкимлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас Прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Кегейли районы бөлими тәрепинен дийхан базарымыздағы азық-аўқат өнимлериниң баҳалары қадағалаўға алынып, унлар баҳасы 135 000 сўммадан сатыўға қойылды. Бүгинги күнде халқымызды азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў мақсетинде район ҳәкимлиги, кәрханалар, басқармалар, исбилерменлер тәрепинен барлық илажлар әмелге асырылып атыр.

Соныда айрықша атап өтиўимиз керек район ҳәкимлиги, Мәхәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў районлық бөлими тәрепинен кем тәмийинленген, бағыўшысынан айрылған шаңарақларға азық-аўқат өнимлери, биринши дәрежели гигиеналық қорғаныў буйымлары жеткерип берилди.

 

Кегейли районы хәкимлиги Мәлимлеме хызмети

15.04.2020 18:27:56 1277