Ҳуқықбузарларға тийисли шаралар қолланылды

13.04.2020 17:15:37 763 Баспаға шығарыў

3-2307-2001/423

Қ А Р А Р

2020-жыл 09-апрель күни Кегейли районы ҳəкимшилик судының баслығы Р.Назаровтыӊ басшылығында, А.Низамовтыӊ хаткерлигинде, ҳуқықбузыўшы қатарында иске тартылған Р.Орынбаевтың қатнасында, Кегейли районы ҳәкимшилик суды мәжилислер залында, ашық суд мәжлисинде, Кегейли районы Ишки ислер бөлими тәрепинен келип түскен Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң 54-статьясы 1-бөлими ҳәм ҲЖҳКниң 194-статьясы 1-бөлими менен Орынбаев Рахат Базарбаевичтың ҳәкимшилик исин көрип, төмендегилерди

а н ы қ л а д ы:

Орынбаев Рахат Базарбаевич, 1998-жыл 15-ноябрь күни Нөкис қаласында туўылған, миллети өзбек, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, мағлыўматы орта-арнаӯлы, бойдақ, ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылмаған, ўақтынша жумыссыз, Кегейли районы, М.Жуманазаров көшеси, 47-үйде жасайды.

Ис материалына ҳәм суд мәжилисинде анықланған жағдайларға көре, Р.Орынбаев 2020-жыл 09-апрель күни саат 11:00 лер шамасында Кегейли районы, Т.Сейтжанов көшесинде карантинли ҳәм инсан ушын қәўипли болған басқа жуқпалы кеселликлер пайда болыўы ҳәмде тарқалыўы шараятында ўәкилликли органның зәрүрий талапларына қайшы түрде жәмийетлик орында медициналық маскасыз жүргенинде Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиология қадағалаў басқармасы Кегейли районы филиалы инспекторы Г.Елиубаева ҳәм Кегейли районы Ишки ислер бөлими профилактика инспекторы Н.Кулекешов ҳәмде Өзбекстан Республикасы Миллий гвардия Қарақалпақстан Республикасы қорғаныў басқармасы хызметкери У.Жаббарбергеновлар тәрепинен иркилгенде, Р.Орынбаев Ишки ислер хызметкериниң нызам талапларына бойсынбай, қарсылық көрсетип, иркип турған жеринен кетип қалыўға урынғаны ушын Р.Орынбаевтың қарсысына Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң 54-статьясы 1-бөлими ҳәм ҲЖҳКниң 194-статьясы 1-бөлиминде көрсетилген ҳуқықбузарлықты сәдир еткенликте ис-ҳүжжетлери топланған.

Суд мәжилисинде Р.Орынбаев өзи айыбын толық мойынлап берген көрсетпесинде, 2020-жыл 09-апрель күни саат 11:00 лер шамасында Кегейли районы, Т.Сейтжанов көшесинде медициналық маскасыз жүргенин ҳәм ИИБ хызметкерлериниӊ нызам талапларына бойсынбай, қарсылық көрсеткенин, ислеген исинен пушайман екенин, илажи барынша жеӊиллик қоллаўды сорап көрсетпе берди.

Ҳуқықбузыўшы қатарында иске тартылған Р.Орынбаевтың айыбы өзиниң суддағы берген көрсетпесинен тысқары, истеги мәлимлеме, түсиник хаты ҳəм басқада топланған ҳүжжетлер менен толық тастыйықланады.

Суд, Р.Орынбаевтың ис-ҳәрекетлерин Өзбекстан Республикасы ҲЖҳК 54-статьясы 1-бөлими ҳәм ҲЖҳК 194-статьясы 1-бөлими менен дурыс квалификация етилген деп есаплайды.

Суд ҳуқықбузыўшы Р.Орынбаевқа жаза тайынлағанда, садыр еткен ҳуқықбузылыўшылықтыӊ жәмийетли қәўиплилик дәрежесин, ҳәрекетлериниӊ жеӊиллестириўши ҳәм аўырластырыўшы тәреплерин итибарға алып, оған Өзбекистан Республикасы ҲЖҳКниң 54-статьясы 1-бөлими ҳәм ҲЖҳКниң 194-статьясы 1-бөлими санкция шеңберинде нәзерде тутылған жәрийма жазасын тайынлаўды, ҲЖҳКниң 34-статьясына асас үзил-кесил жаза аўыррақ ҳәкимшилик жазаны нәзерде тутыўшы санкция шеңберинде жарийма жазасын тайынлаўды лазым деп тапты.

Жоқарыда баян етилгенлерге тийкарланып ҳәм Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң 245-309-311-ст.ст. қолланып, суд

қ а р а р   е т т и:

Ҳуқықбузыўшы Орынбаев Рахат Базарбаевич Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң 54-статьясы 1-бөлими ҳәм ҲЖҳКниң 194-статьясы 1-бөлими менен ҳуқықбузар деп табылсын.

Ҳуқықбузыўшы Орынбаев Рахат Базарбаевичқа Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң 194-статьясы 1-бөлими менен базалық есаплаў муғдарының 1/2 (екиден бир) есеси, яғный 111.500 (бир жүз он бир мың бес жүз) сум жәрийма жазасы, ҲЖҳКниң 54-статьясы 1-бөлими менен базалық есаплаў муғдарының 1 (бир) есеси, яғный 223.000 (еки жүз жигирма үш мың) сум жәрийма жазасы, ҲЖҳКниң 34-статьясына тийкар тайынланған жеңилирек жазаны аўыррағы менен қаплаў жолы арқалы базалық есаплаў муғдарының 1 (бир) есеси, яғный 223.000 (еки жүз жигирма үш мың) сум жәрийма жазасы тайынлансын.

Қарарға нәрийза тәреп усы суд арқалы еки ай мүддет ишинде  Қарақалпақстан Республикасы ҳəкимшилик судына нәрийзалық арза,  прокурор протест келтирип излениўге ерикли.

13.04.2020 17:15:37 764