Қарақалпақстан Республикасы Кегейли районы ҳәкиминиң шешими

12.04.2020 16:30:11 1399 Баспаға шығарыў

№ 139-04                                                                                                                          «11»-апрель 2020-жыл

 

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл 25-март күнги «Коронавирус инфекциясы тарқалыўына қарсы қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы 91-санлы қарарына тийкарланып, район аймағында физикалық ҳәм юридикалық шахсларға тийисли болған автобус, микро автобус, жүк ҳәм жеңил автотранспорт қураллары, сондай-ақ, велосипед, скутер, арба ҳәм мото-транспорт қуралларының ҳәрекет етиўин ўақтынша тоқтатыў мақсетинде:

ШЕШИМ ЕТЕМЕН:

  1. Район аймағында коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў, пуқаралардың денсаўлығын сақлаў мақсетинде физикалық ҳәм юридикалық шахсларға тийисли болған автобус, микро автобус, жүк ҳәм жеңил автотранспорт қураллары, сондай-ақ, велосипед, скутер, арба ҳәм мото-транспорт қуралларының (арнаўлы рухсатнама ҳәм усы бийлик пенен тастыйықланған қосымшада көрсетилген уйымлардың автотранспорт қуралларынан тысқары) ҳәрекет етиўи 2020-жыл 11-апрель саат 12-00 ден баслап карантин дәўиринде ўақтынша тоқтатылсын.
  2. Район аймағында ҳәрекет етиўге рухсат етилген айырым автотранспорт қураллары дизими қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  3. Районлық Ишки ислер бөлими (И.Салиев)не,  районлық мәмлекетлик Салық инспекциясы (С.Даулетбаев), районлық Санитария-эпидемиология тынышлық орайы (Г.Нәўбетуллаева), Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик Санитария-эпидемиология қадағалаў басқармасы районлық филиалы (А.Алимбетов) :

– район аймағындағы физикалық ҳәм юридикалық шахслардың автобус, микро автобус, жүк ҳәм жеңил автотранспорт қураллары, сондай-ақ,  велосипед, скутер, арба ҳәм мото-транспорт қуралларының ҳәрекет етиўин қадағалап барыў тапсырылсын.

– карантин дәўиринде көрсетилген талапларды бузған физикалық  ҳәм юридикалық шахслар ийелигиндеги автобус, микро автобус, жүк ҳәм жеңил автотранспорт, сондай-ақ,  велосипед, скутер, арба ҳәм мото-транспорт қуралларын жәрийма майданшасына қойылыўын тәмийинлесин.

– шегаралас районларға кирип-шығыў жолларына ҳәм  район орайында арнаўлы қадағалаў постларын шөлкемлестириў, сондай-ақ, тийисли қәнигелер ажыратылыўын тәмийинлесин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы телерадиокомпаниясының районлық хабаршысы (К.Жиемуратов)на, «Кегейли турмысы» газетасы (Е.Мухамбетов)на, район ҳәкимлиги баспасөз хаткери (Т.Мухиятдинова)не усы бийликтиң мазмун  ҳәм мәнисин пуқараларға жеткериў усыныс етилсин.
  2. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасары Қ.Бекимбетов ҳәм Ишки ислер бөлими баслығы И.Салиевқа жүкленсин.

 

Кегейли районы ҳәкими:                                        М.Абдиров

 

 

Кегейли районы ҳәкиминиң
2020 жыл “11” – апрель күнги
“139-04” – санлы шешимине
қосымша                  

 

  1. Ден саўлықты сақлаў системасындағы шөлкемлер, медициналық-санитария ҳәм эпидемологик хызметлер көрсетиўши шөлкемлердиң хызмет ҳәм жеке меншик автотранспорт қураллары
  2. Пуқараларға кешиктирип болмайтуғын тез медициналық жәрдем көрсетиў (ҳәмледарлық, туўыў, дене жарақаты, ОИВ, ОИТС, онкологик жәрдем, нурланыў терапиясы гемодиализ жәрдемин көрсетиў, хирургиялық әмелий жәрдем зәрүр болғанда, инсан өмири ушын қәўип туўдыратуғын басқа жағдайлар) менен байланыслы ҳалларда медицина бирлеспесине баратырған ҳәм оннан қайтып киятырған жеке автотранспорт қураллары.
  3. Жолаўшы тасыў хызмети менен шуғылланыўшы лицензиясына ийе болған бағдарсыз таксилерге өзлериниң дизимнен өткен ҳәкимшилик аймағында ҳәм жолаўшыларсыз тек ғана жеткерип бериў хызметин көрсетиў мақсетинде инсан өмирине қәўип туўдыратуғын жағдайларда ҳәм кешиктирип болмайтуғын медициналық даўаланып атырған наўқас жолаўшыларды тасыў мүмкин.
  4. Коммуналлық хызметин көрсетиўши мәкемелердиң (ишимлик суў, газ, электр энергиясы, шығынды) хызмет автотранспорт қураллары.
  5. Мәмлекет қәўипсизлик хызмети, Миллий гвардия, Қорғаныў бөлими, Ишки ислер бөлими, Айрықша жағдайлар бөлими хызмет ҳәм жеке меншик автотранспорт қураллары.
  6. Суд ҳәм прокуратура уйымлары хызмет ҳәм жеке меншик автотранспорт қураллары.
  7. Коммерциялық банклер филиалларының хызмет автотранспортлары.
  8. Район ҳәкими ҳәм оның орынбасарларының хызмет автотранспортлары.
  9. “Республика инкассация хызмети” ДУК хызмет автотранспорт қураллары.
  10. Байланыс хызметлерин көрсетиўши шөлкемлер, “Өзбекстан почтасы” АЖ, “Өзбектелеком” АК не тийисли хызмет автотранспортлары.
  11. Жерлеў мәресимине хызмет көрсетип атырған жүк автотранспорты.
  12. Жол-патрул хызмети автомобиллери жәрдеминде гузетилип баратырған автотранспорт қураллары.
  13. Мәўсимлик аўыл-хожалығы өнимлерин жеткерип бериўши М1 (тек ғана бир жолаўшы менен) түриндеги физикалық шахсларға тийисли жеке автотранспорт қураллары.
  14. Егис дәўиринде егиске қатнасып атырған аўыл хожалық техникалары ҳәм аўыл хожалығында бириктирилген жуўапкер хызметкерлердиң автотранспортлары.

 

Шөлкемлердиң жуўапкер хызметкерлери хызмет ўазыйпасын орынлаўда тийисли жеке автотранспорт қуралларынан пайдаланыўға усы шөлкемлер тәрепинен рухсат бериледи (офицер қурамындағы хызметкерлерге рухсат талап етилмейди). Рухсатнамада автотранспорт қуралларының белгилери көрсетиледи. Усы рухсатнама хызмет (әскерий) гуўаҳнамасы менен көрсетилгенде ҳақыйқый есапланады.

12.04.2020 16:30:11 1400