Кегейли районы мәхәлле хәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими хәмде районлық ИИБ тәрепинен район аймағындағы кем тәмийинленген, нәгиранлағы болған, камбағал шаңарақлар ҳалынан хабар алынды. Мәмлекетимиздеги бүгинги Карантин жағдайын есапқа алған ҳалда жәми 367 шаңараққа азық-аўқат өнимлери хәм гигиеналық қорғаныў буйымлары бийпул тарқатылды.
Районымыз көлеминде бундай унамлы ислерди алып барыў илажлары еледе даўам етеди.