Елимизде исбилерменликти раўажландырыў олардың хуқуқ ҳәм мәплерин қорғаўды күшейтиў бойынша бир қанша пәрман қарарлар қабыл етилди.
Мине солардың қатарына Президент қарарына муўапық бир неше жыллардан берли мәмлекетлик статистика органлары тәрепинен исбилерменлик субъектлерден белгиленген финанслық ҳәм статистикалық есабатларға қосымша түрде ҳәр қандай мағлыўматлар мағлыўматнама ҳәм басқада ҳүжжетлер талап етилмейтуғын болды. Ал, 2015-жылдың 1-январынан баслап киши исбилерменлик субъектлери статистика есабатларын жылына бир мәрте тапсырыўлары белгиленген. Өзбекстан Республикасының Нызамы менен 2016 жыл 29 декабрь сәнесинде Өзбекстан Республикасының Хәкимшилик жуўапкершилик хаққындағы қодексине Исбилерменлик субъектлери ҳәм олардың қанигелериниң жуўапкершилигин жеңиллестиретуғын бир қанша өзгерислер киргизилди. Финанс хожалық ҳәрекетлерин әмелге асырыўда биринши мәрте хуқуқбузарлыққа жол қойған исбилерменлик субъектлери ҳәм олардың жуўапкер қәнигелери жол қойылған нызамбузыўшылық жағдайын нызам хүжжетлеринде белгиленген мүддетлерде ықтыйарлы түрде сапластырса ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершиликтен жәриймалар ҳәм финанслық санкциялар қолланылыўынан азат етиледи.
Алдын өзгерис киргизилгенге шекем статистика тараўында исбилерменлик субъекттиң лаўазымлы ўәкили тәрепинен мәмлекетлик статистика есабатын тапсырыў тәртиби биринши мәрте бузылғанда оған қарсы ең кем ис хақының жети есесинен он есесине шекемги муғдарда жәрийма санкциясы қолланылыўы белгиленген еди. Нызамға киргизилген өзгериске муўапық хуқуқбузарлыққа биринши мәртебе жол қойған исбилерменлик субъекттиң лаўазымлы ўәкили хуқуқбузарлық анықланған күннен баслап отыз күн мүддетте жол қойылған нызам бузыўшылық жағыдайын ықтыярлы түрде сапластырса, яғный мәмлекетлик статистика есабатын усы мүддетте тапсырса яки есабатта жиберген кемшиликти дүзетсе оған қарсы хәкимшилик жуўапкершилик хаққында ис жүргизилмейди.
Кегейли районы Статистика бөлими