Ѳзбекстан Республикасының «Ижара ҳаққында»ғы Нызамы, Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2009-жыл, 8-апрелдеги «Мәмлекет мүлкин ижараға бериў тәртибин жеделлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы 201-санлы қарары талаплары тийкарында, район аймағындағы бос турған имарат-қурылмалардан мақсетли пайдаланыў, оларға болған мүтәжликти толық тәмийинлеў, сондай-ақ, күтилип атырған қәрежетлер менен кәрхана, мәкеме ҳәм шѳлкемлердиң ижара тѳлеминен түсетуғын пайдаларды тәртипке салыўды тәмийинлеў мақсетинде Кегейли районы ҳәкими қарар етеди:
- Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2009-жыл, 8-апрельдеги «Мәмлекет мүлкин ижараға бериў тәртибин жеделлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы 201-санлы қарары, Ѳзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң 2019-жыл, 29-декабрдеги 1442/01-13-1-санлы усынысы, Ѳзбекстан Республикасы Финанс министрлигиниң 2019-жыл, 29-декабрдеги 02/07-02-32/2166-санлы, сондай-ақ, Ѳзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлигиниң 2019-жыл, 29-декабрдеги 4-8/14-1237-санлы «Мәмлекетлик кѳшпес мүлклерден пайдаланыўда ижара тѳлемлердиң ең кем ставкасын анықлаў ҳаққында»ғы келисимлери тийкарында ислеп шығылған, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл, 28-февралдағы «2020-жылға Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы мәмлекетлик кѳшпес мүлклерден пайдаланыўда ижара тѳлемлериниң ең кем ставкасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы 61-санлы қарары орынлаў ушын басшылыққа алынсын.
- Министрлер Кеңесиниң жоқарыда атап ѳтилген қарары менен: а) Қарақалпақстан Республикасында кѳшпес мәмлекетлик мүлклерден пайдаланғанлығы ушын 2020-жылда 1 кв. метрге қолланылатуғын ижара тѳлемлериниң ең кем ставкалары 1 ҳәм 2-қосымшаларға муўапық;
Ижараға берилетуғын имаратларды ижараға бериўде аймақлық зоналарды есапқа алыў, пайдаланыў қолайлықлары, қоңсылас аймақтан пайдаланыў, қурылыс түрлерине қарап, тийкарғы қураллардың ѳсиўши коэффициентлери, сондай-ақ, келип түскен ижара тѳлемлерин бѳлистириў тәртиби 3-қосымшаға муўапық тастыйықланғанлығы;
б) Мүлкшилик түрине қарамастан барлық министрликлер, мәкемелер басшылары, қала ҳәм районлар ҳәкимликлерине ѳз балансларындағы пайдаланып (ижараға берилип) ҳәм пайдаланбай бос турған мәмлекетлик мүлклери ҳаққындағы мағлыўматларды Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекет мүлкин ижараға бериў орайы, мәмлекетлик унитар кәрханасына толық ѳз ўақтында берилиўин тәмийинлеўде белгиленген тәртипте жеке жуўапкерлиги белгиленгенлиги;
в) Тѳмендегилер:
-Мәмлекет мүлкин ижара шәртнамасын дүзбестен бериў, ижара шәртнамасында берилген мүлктиң параметрлери ҳәм саны билип турып натуўры кѳрсетилип, буның нәтийжесинде ижара тѳлеминиң жасырылыўына алып келгенлиги анықланған жағдайда, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекет мүлкин ижараға бериў орайы мәмлекетлик унитар кәрханасы тәрепинен, сол күннен баслап 3 (үш) күн мүддет ишинде белгиленген тәртипте мәмлекет мүлкинен пайдаланған дәўир ушын ижара тѳлеминиң 2 (еки) есеси муғдарында есапланатуғынлығы ҳәм оны ѳндириў ушын тийисли ҳүжжетлер баланста сақлаўшыға усынылатуғынлығы;
-Қарақалпақстан Республикасындағы мәмлекетлик мүлклердиң «ноль» ставкада ижараға берилиўи Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң бийлиги тийкарында әмелге асырылатуғынлығы белгилеп қойылғанлығы;
г) Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик мүлки есапланатуғын имарат ҳәм қурылмаларында жайластырылатуғын бюджет шѳлкемлери ушын ижара тѳлеми «ноль» ставкада белгиленлиги;
д) Мәмлекет активлерин басқарыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жанындағы Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекет мүлкин ижәраға бериў орайы директоры (Е.Кунназаров)на:
-мәмлекет мүлкин ижараға бериўде белгиленген тәртипте шѳлкемлестириў;
-ижараға берилип атырған мәмлекет мүлкин ҳәм оны ижараға бериўден түсетуғын қәрежетлерди есапқа алыў ҳәм мониторингин алып барыў;
-ижараға берилетуғын мәмлекет мүлки бойынша мағлыўматлар базасын дүзиў ҳәм жүргизиў;
-ижара объектлеринен мақсетли пайдаланыўды ҳәм олардың сақланыўы, сондай-ақ, ижара тѳлеми ѳз ўақтында тѳлениўин қадағалаў;
-ижараға берилген мәмлекет мүлкин ҳәр шереклик тийкарында хатлаўдан ѳткизиў;
-пайдаланбай бос турған мәмлекет мүлки ижараға берилиўи ҳаққындағы дағазаларды ҳәм ижараға берилип атырылған мәмлекет мүлки дизими жергиликли газеталарда, сондай-ақ, Мәмлекет активлерин басқарыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Саўда-санаат палатасының веб-сайтларына жайластырыў;
-республика аймағындағы пайдаланбай бос турған имаратлар ҳәм қурылмаларды анықлап, нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў мақсетинде юридикалық ҳәм физикалық шахсларға белгиленген тәртипте ижараға бериў ўазыйпалары жүклетилгенлиги;
е) Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы (Қ.Халмуратов)на, қала ҳәм район ҳәкимликлери аймақларында ижара мүнәсибетлерин тәртипке салыў, ижараға берилип атырған мәмлекет мүлкиниң есабатын туўры жүргизиў ҳәм бюджетке қосымша қәрежетлерди қосыў мақсетинде мәмлекет мүлкиниң есабатын туўры жүргизиў ҳәм бюджетке қосымша қәрежетлерди қосыў мақсетинде мәмлекет мүлкиниң баланста сақлаўшылары тәрепинен ижараға бериў нәтийжелилигин асырыў ҳәм шѳлкемлестириўде Мәмлекет активлерин басқарыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жанындағы Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекет мүлкин ижараға бериў орайы менен ѳз-ара бирге ислесиўди жолға қойыў тапсырылғанлығы;
ж) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2018-жыл 29-январдағы «2019-жылға Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы мәмлекетлик кѳшпес мүлклерден пайдаланыўда ижара тѳлемлердиң ең кем ставкасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы 36-санлы қарары ѳз күшин жоғалтқан деп табылғанлығы;
з) бул қарардың белгиленген тәртипте Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң веб-сайтына жайластырыў, сондай-ақ, “Еркин Қарақалпақстан” ҳәм “Вести Каракалпакстан” газеталарында рәсмий жәрияланыўы белгиленгенлиги;
и) Жоқарыда атап ѳтилген қарар рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киретуғынлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Район ҳәкиминини бас есапшысы (А.Қалмуратов)на район ҳәкимлиги ѳз балансындағы пайдаланып (ижәраға берилип) ҳәм пайдаланбай бос турған мәмлекетлик мүлклери ҳаққындағы мағлыўматларды Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекет мүлкин ижараға бериў орайы мәмлекетлик унитар кәрханасына толық ѳз ўақтында берилиўин тәмийинлеўде белгиленген тәртипте жеке жуўапкершилик белгиленсин.
- Кегейли районлық Мәмлекетлик салық инспекциясы (Р.Назаров), қала аймақларында ижара мүнәсибетлерин тәртипке салыў, ижараға берилип атырған мәмлекет мүлкиниң есабатын туўры жүргизиў ҳәм бюджетке қосымша қәрежетлерди қосыў мақсетинде мәмлекет мүлкиниң есабатын туўры жүргизиў ҳәм бюджетке қосымша қәрежетлерди қосыў мақсетинде мәмлекет мүлкиниң баланста сақлаўшылары тәрепинен ижараға бериў нәтийжелигин асырыў ҳәм шѳлкемлестириўде Мәмлекет активлерин басқарыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жанындағы Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекет мүлкин ижараға бериў орайы менен ѳз-ара бирге ислесиўди жолға қойыў тапсырылсын.
- Бул қарар белгиленген тәртипте ҳәкимликтиң веб-сайтында ҳәм “Кегейли турмысы” газетасында рәсмий жәриялансын.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасары Б. Байжановқа жүклетилсин.