Коронавирус жуқпалы кеселлик. Биз оннан тазалықты сақлаў, санитариялық-гигиеналық талапларға бойсыныў арқалы сақланыўымыз мүмкин. Бүгинги күнде жуқпалы кеселликтиң алдын алыў, адамлар санасында гигиеналық тәртиплерди еле де раўажландырыў мақсетинде республикамыздың түрли орынларында үгит-нәсият хәм әмелий ислер алып барылмақта. Ѳз гезегинде Өзбекстан Республикасы Бас Прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Кегейли районы бѳлими ҳәм “Ибин Сино” ЖШЖ дәриханасы тәрепинен Кегейли дийхан базары орайында халықтың санитариялық жағдайын жақсылаў, оларға әмелий жәрдем кѳрсетиў мақсетинде ығаллы салфетка ҳәм жеке гигиеналық сабынлар бийпул тарқатылды. Усының менен бирге арнаўлы қәнигелер тәрепинен халық арасында жуқпалы кеселлик пенен гүресиў, оның алдын алыў илажлары ҳаққында түсиник бериў жумыслары алып барылды.
Ҳүрметли районымыз турғынлары биз бүгинги жедел информациялық жәмийетте әтирапымызды қоршаған тийкарсыз ҳәм аноним хабарларға исенип қәўетерге берилместен санитариялық талапларға қатаң әмел етиўимиз лазым!
Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети