Бүгинги күнде жәмийетимизде жуқпалы есапланатуғын коронавирус кеселлигиниң Өзбекстан Республикасы аймағына кирип келди деген хабарлардың ен жайыўы менен халық арасында түрлише тийкарсыз фейк (жалған) мағлыўматлардың тарқалыўы жәмийетимизди хаўлықпаға салып қойып атырғандай. Усы қүнлерде социаллық тармақларда дийхан базарларымызда азық-аўқат ѳнимлериниң баҳасының кѳтерилип кетиў жағдайлары ушырасып атыр деген мағлыўматларғада дус келемиз. Бундай кеўилсиз жағдайлардың алдын алыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Бас Прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Кегейли районы бѳлими, район ҳәкимлиги ҳәм район МСИ бѳлими тәрепинен тексериў ҳәм қадағалаў жумыслары алып барылды. Тексериў нәтийжесинде Кегейли дийхан базарында азық-аўқат ѳнимлериниң баҳасы асып кетпегенлиги анықланды. Сондай-ақ, миллий қәдирятларымыздан бири есапланған Наўрыз байрамы мүнәсебети менен районымыз базарында байрам ярмаркасы шѳлкемлестирилди.
Бул ярмаркаға “Қадыр ой” фермер жожалығы тәрепинен жәми 130 кг гѳш алып келинди ҳәм 1 кг гѳш баҳасы 42 000 сўмнан сатыўға қойылды.
Сондай-ақ,“Арыслан Тилепбаев” фермер хожалығы тәрепинен картошка палыз егини алып келинип 1кг картошка баҳасы 2500-3000 сўмнан сатыўға қойылды.
-Биз орайлық базарымызда бундай илажлардың алып барылып атырғанынан жүдә қуўанышлымыз. Мине усындай айрықша жағдайларда халық ҳәмийше басшылардан қәўендерликти күтеди, оларға арқа сүйейди. Солай екен, биз ҳәр қандай жағдайда да елимиз хызметинде жүрген ардақлы перзентлеримизге сүйенемиз, оларға исеним билдиремиз-дейди Кегейли районы дийхан базары тутыныўшыларынан бири.
Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети