Социаллық тармақлар арқалы тарқалып атырған тѳмендеги хабарлар фейк, яғный ѳтирик хабарлар болып табылады:

18.03.2020 09:41:35 1016 Баспаға шығарыў

Фейк: «Қәўипсизликти тәмийнлеў мақсетинде  ертеңнен баслап мектеплерде рейдлер ѳткериледи. Мектепте қосымша сабақлар ямаса дѳгереклерге қатнасып  атырған ѳқыўшылар анықланса мектеплер жәриймаға тартылады.»

 

Фейк: «Дүканларда, автобусларда ҳәм кѳшелерде балалар анықланса, ата-аналары жәриймаға тартылады.»

Фейк: «Бүгин 23:00 ден таңғы 5:00 ге шекем  вертолётлар дезинфекциялаў ушын дәри себеди. Айна ҳәм балконлар жабық болыўы керек ҳәм 23:00 ден соң кѳшелерде жүриў мүмкин емес. Әскерий бѳлимнен хабар берди.»

Фейк: «Коронавирус ѳкпеге ѳтиўинен алдын, тамакта 4 күнге шекем сақланып турады, сол ўақытта жѳтел ҳәм  тамақ аўрыўы басланады. Егер усындай ўақытта кѳп суў ишилсе, дуз ҳәм уксуслы суўда тамак шайылса, вирус жоқ болып кетеди.»

Сондай-ақ, социаллық тармакларда коронавирус кеселлиги ақыбетинде ѳлимшилик ҳалаты анықланғанлығы ҳаққында хабарлар тарқалмақта. Бул мағлыўматларда тийкарсыз болып, ҳәзирги ўақытқа шекем бул кеселлик ақыбетинде ѳлимшилик ҳалаты дизимге алынбаған.

Соның менен бирге, социаллық тармақларда телефон қоңыраўлары ҳәм хабарлар жазылыўы, социаллық тармақларды мониторинг етиў ҳаққындағы хабарларда ФЕЙК болып есапланады.

Усы орында соны мәлим етип билдиргимиз келеди, халық арасында хаўлықпалы хабарларды таркатыў ушында жынайый жуўапкершилик белгиленген.

Анықлаў етип айтқанда, халық арасында ҳаўлықпа пайда етиўге бағдарланған материалларды таярлаў ямаса тарқатыў мақсетинде сақлаў 44 миллион 600 мың сумнан 89 миллион 200 мың сумға шекемги мугдарда жәрийма ямаса 3 жылға шекемги тәртип дүзетиў жумыслары яки 1 жылдан 3 жылға шекемги мүдеттке азатлықты шеклеў яки болмаса  3 жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

Халық арасында ҳаўлықпа пайда етиўге бағдарланған мағлыўматлар ҳәм материалларды ҳәр қандай  формада тарқатыў 66 миллион 900 мың сумнан 89 миллион  200 мың сумға шекемги муғдарда жәрийма ямаса  3 жылдан 5 жылға шекемги мүддетке еркинен айырыў менен жазаланады.

 

Дерек: kknews.uz

18.03.2020 09:41:35 1017