Өзбекстан жаслар аўқамы Кегейли районлық Кеңеси тәрепинен райондағы улыўма орта билим бериў мектеплериниң 10-11-класс оқыўшылары арасында “Темурбеклер” әскерий спорт жарысының аймақлық басқышы 2 күн даўамында өткерилди.
Онда райондағы мектеплерден жәми 30 команда қатнасты. Жарыс даўамында қатнасыўшылар жети шәрт бойынша беллести.
Жарыс жуўмағына көре 30 мектептен келген командалар арасынан 41-санлы мектептен «Арал суңқарлары», 55-санлы мектептен «Суңқарлар», 16-мектептен «Бүркитлер», 2-санлы мектептен «Мард ўғлонлар», 4-санлы мектептен «Темурбеклер» ҳәм 21-санлы мектептен «Миллий гвардия» командалары районлық басқышқа жолламбаны қолға киргизди.
Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети