Кегейли районы Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде әмелге асырылып атырған жумыслар

05.03.2020 15:08:51 2500 Баспаға шығарыў

Кегейли районы Мектепке шекемги билимлендириў бөлимине қараслы 4-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде 4-март күни Республика көлеминдеги ашық сабақ болып өтти. Ашық сабақты Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў Министри орынбасары Т.Байжанов ашып берди ҳәм байрам менен қутлықлады.

Ашық сабаққа Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў Министрлиги Мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери жумысларын ҳәмде оқытыўдың альтернатив түрлерин жаратыў бөлим методисти Н.Қурбанова, Тәлим-тәрбия сыпатын тәмийинлеў ҳәм методикалық хызметин шөлкемлестириў бойынша методисти З.Бегжанова, районлық Мектепке шекемги билимлендириў бөлими баслығы А.Қайтекеева, Қараөзек, Шымбай ҳәм Нөкис районларынан тәжирийбели методист ҳәм тәрбияшылар қатнасты.

Ашық сабақты шөлкемниң мектепке таярлаў топары тәрбияшысы Нуратдинова Камила «Анамның күни» темасында өтти. Сабақ соңында Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Бес баслама”сы бойынша көринислер қойып берилди.

Сондай-ақ, 11-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде тарбияшылар арасында «Қәнекей тарбияшылар» көрик таңлаўы болып  өтти. Бәҳар елшиси болған 8-март Ҳаял қызлар байрамына  бағышлап  өткерилген бул таңлаўда тарбияшылардан Г.Жолдасбаева, П.Сейтмуратова, О.Бекбаулиева, Қ.Шамуратова, Р.Утамбетова ҳәм З.Оразбаевалар белсене қатнасты. Олар өзлериниң талантлығы, шеберлиги бойынша бес шәрт «Өзин таныстырыў», «Сораў жуўаплар», «Тәрбияшылар асханада», «Өзлериниң  педагогикалық қәбилетин көрсетиў», «Өз өнерин көрсетиў» басқышларынан өтти. Бул шәртлерде өзлериниң бала тәрбиясында шаққанлыгы, тил байлығы, аспазлық ҳәмде кәсиплик шеберликлерин көрсетти. Илаж қатнасыўшылары мектепке шекемги билимлендириў бөлими тәрепинен ҳүрмет жарлықлары ҳәм байрам саўғалары менен сыйлықланды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

05.03.2020 15:08:51 2501