Кегейли районы ҳәкимлигиниң рәсмий жуўабы

02.03.2020 14:55:42 1441 Баспаға шығарыў

Кегейли районы «Мәденият» мәкан пуқаралар жыйыны, Е.Хожанов көшеси турғыны мүрәжат ийеси Айтмуратова Базаргүл Жолдыбаевна 1-топар майыбы, бир айлық напақасы 396500 сўмды (2019-жыл июнь) қурайды. Күйеўи Жузбанов Рустем шет елде қол ушы талап пенен шуғылланады, 2008-жылы туўылған қызы 9-санлы мектепте оқыйды.

Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 30-март күнги «Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятындағы мүтәж шаңарақларға бир мәртелик берилетуғын материаллық жәрдемин тайынлаў ҳәм төлеў тәртиби ҳаққында»ғы 165-санлы қарары тийкарында 2019-жыл 12-ноябрь күни бир мәртелик жәрдем напақасына ҳүжжет таярлап, ең төмен айлықтың 4 есеси муғдарында 812,000 (сегиз жүз он еки мың) напақа таярланып Халық банктеги есап бетине өткерилип берилди.

Пуқара Айтмуратова Базаргул Жолдыбаевнаның жасап турған турақ жайы 3 бөлмеден ибарат, фундаменти (тырнағы) бутобетоннан (сарытас пенен қаланған), дийўалы қам гербиштен, төбеси шиферсыз.

Б.Айтмуратованың Кегейли районы ҳәкимлигине жоллаған мүрәжатларын инабатқа алынып, Кегейли районы ҳәкиминиӊ  2019-жыл 8-май күнги 35-б бийлиги менен турақ жайын оӊлаўға ҳәм шиферлаўға жәрдем бериў ушын 6 680 000 (Алты миллион алты жүз сексен мыӊ) сўм қаржы район ҳәкимлигиниӊ сақлаў қоры есабынан ажыратылып берилди ҳәм усы қаржы есабынан турақ жайын шиферлаўға жетерли болған профнастил, стропила, рейка ҳәм басқада қурылыс материаллар апарып берилди.

Б.Айтмуратованың үйиниӊ алдына еки бөлмеге арналған фундамент (тырнақ) қуйылған. Мүрәжат ийеси усы еки бөлме  дийўалын өрип, төбесин бастырып, усы еки бөлмени толық питкерип, бир бөлмесин ҳәжетхана,ванна екинши бөлмесин асхана етип питкерип бериўди талап етип қоймақта. Усы талабы қанаатландырылса ғана үш бөлме жайыныӊ төбесин шиферлаўға рухсат беретуғынлығын билдирмекте.

Районлық бюджеттен пуқаралардың талабына көре турақ жайын салып яки оңлап бериўге қаржы ажыратылмағанлығын мәлим етип билдиремен.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

02.03.2020 14:55:42 1442