Нәгиранлық арбашалары тапсырылды

02.03.2020 13:38:57 1061 Баспаға шығарыў

Кегейли районы орайындағы Мәденият сарайында ушырасыў ѳткерилди. Ушырасыўға Ѳзбекстан Республикасы  Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы  баслығы М.У.Арзымбетов,   Кегейли районындағы Ѳзбекстан Республикасы Бас министриниң  Исбилерменлердиң  мүрәжатларын кѳрип шығыў қабыллаўханасы баслығы Б.Әширбеков, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик  министриниң орынбасарлары А.Атажанов, Е.Турсунов ҳәм районлық бѳлими баслығы С.Асанов, сондай-ақ, барлық мәкеме ҳәм шѳлкемлер басшылары қатнасты. Ушырасыў даўамында пуқаралар ѳзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды. Соның менен бирге жыйналыс қатынасыўшылары елимизде  Президентимиз тәрепинен халықтың жасаў жағдайын жақсылаў ушын әмелге асырылып атырған унамлы ислер менен таныстырылды. Ушырасыўдан соң «Абат» АПЖ жыйынында жасаўшы 1953-жылы туўылған  1-топар майыбы Қ. Жуманазаров ҳәм «Абат мәкан» МПЖ жасаўшы 1954-жылы туўылған 1-топар майыбы Қ. Жуманазароваға майыплық арбашалары тапсырылды.

Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

 

02.03.2020 13:38:57 1062