Кәсиплик аўқамы шөлкеминиң жумысы «қанаатландырарлы» деп табылды

25.02.2020 10:55:45 812 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Мәмлекетлик мәкемелер ҳәм жәмийетлик хызмет корсетиў хызметкерлери кәсиплик аўқамы Кегейли районлық Кеңеси қурамындағы Кегейли районы ҳәкимлиги басланғыш кәсиплик аўқамы шөлкеминиң есабат-сайлаў жыйналысы болып өтти. Жыйналыс қатнасыўшылары кәсиплик аўқамы шөлкеминиң жумысын «қанаатландырарлы» деп тапты. Жыйналыста кәсиплик аўқамы комитети қурамы тастыйықланды. Кәсиплик аўқамы комитети баслығы болып Дошмуратов Камалбай Мухаммеддинович сайланды. Жыйналысқа Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кенесиниң бөлим менгериўшиси Жеңис Аяпов, тараў кәсиплик аўқамы Кегейли районлық Кеңеси баслығы Узақбай Утегеновлар қатнасты.

  

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

25.02.2020 10:55:45 813