Жигирмаға жақын мүрәжатлардың шешими бойынша есабат бериледи!

21.02.2020 15:06:51 956 Баспаға шығарыў

O`zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ҳәмде Ѳзбекстан Республикасы  Бас министриниң Қарақалпақстан Республикасындағы исбилерменлер мүрәжатлерин кѳрип шығыў қабыллаўханасы менен ѳз-ара бирге ислесиў бойынша келисимине байланыслы қоспа ис-реже тийкарында Кегейли  районы Жүзимбағ АПЖ аймағында халық пенен ушырасыў ѳткерилди.

Бул ушырасыўға Ѳзбекстан Республикасы Бас министриниң Қарақалпақстан Республикасындағы исбилерменлер мүрәжатлерин кѳрип шығыў қабыллаўханасы баслығы Айтмуратов Ринат ҳәм Кегейли районындағы Ѳзбекстан Бас министриниң исбилерменлер мүрәжатлерин кѳрип шығыў қабыллаўханасы баслығы Аширбеков Батырбек, районлық Әдиллик бѳлими баслығы Сейдахмед Асанов ҳәм усы аймактың районлық кенес депутаты Ғайратдин Нурымбетовлар қатнасты. Бул ушырасыўға сайлаўшылар тәрепинен жигирмаға жақын мүрәжатлер келип түсти ҳәм бул бойынша тийисли орынларға депутат сораўлары жиберилип олардың орынланыўы бойынша депутат тәрепинен есабат берилетуғынлығы айтып ѳтилди.

 

  Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

21.02.2020 15:06:51 957