Усы жыл декабрь айында болып өтетуғын сайлаўлардың ҳуқықый әҳмийети жаңадан қабыл етилген ҳәм нызамшылығымызда жаңалық болған «Сайлаў кодекси»не тийкарланып әмелге асырылыўы күтилмекте.
Сол себепли ҳәр айда тренинг ҳәм оқыў семинарлар шөлкемлестирилип келинбекте.
Кегейли Турмыс хызметин кѳрсетиў кәсип-ѳнер колледжинде усындай оқыў семинар болып өтти. Онда Округ ҳәм участка комиссия баслықлары, баслықларының орынбасарларын ҳәм хаткерлерин сайлаў алдынан билим көнликпелерин еледе байытып, 2 күн даўамында өзлерине керекли мағлыўматлар алды.
Семинарды өткериўден мақсет сайлаў нызамшылығындағы өзгерислер ҳәм жаңалықлар менен таныстырыў, сайлаў мапазында бақлаўшы ҳәм ҳуқықлы ўәкиллериниң атқаратуғын ўазыйпалары, ҳуқық ҳәм ўәкилликлери ҳаққында түсиник бериўден ибарат болды.