16 мың шаңараққа үй-жай алыў ушын 1 триллион сум муғдарында субсидия…

26.01.2020 00:19:49 1720 Баспаға шығарыў

Ҳүрметли Президентимиз Олий Мажлиске жоллаған мүрәжатында барлық депутатларға қарата, «Бүгинги күнде жәмийетимиздеги ең әҳмийетли машқалаларды шешиў бойынша көплеген ўәделер бердиңиз, енди болса сизлердиң ҳәр бириңизден халқымыз усы ўәделердиң әмелде орынланыўын күтпекте. Оның ушын сизлер биринши гезекте Халық қабыллаўханалары менен биргеликте ҳәр бир аймақты тереңнен үйренип шығып, орын алған машқалаларды биргеликте шеше алсаңыз, онда менде минетдар болар едим», – деди.
Соның ушын ҳәр бир депутат халыққа берген ўәделери ҳәм сөзиниң үстинен толық шығыўы, партиясының абройын сақлаўы ушын бүгиннен баслап ҳәрекет етиўи керек, деп ойлайман.
Президентимиз және бир ең тийкарғы мәселелердиң бири – халықтың социаллық турмыс шараятларын жақсылаў бас мәселе болыўын айрықша атап өтти. «Кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў бойынша быйылғы жылдың өзинде 16 мың шаңараққа үй жай алыўы ушын 1 триллион сум муғдарында субсидия ажратылады», деди мәмлекетимиз басшысы.
Сондай-ақ, кәмбағаллықты кемейтиў бойынша жаңа методология жаратыў, адамларға тек пулды тарқатып берип қоймастан, оларға жумыс ислеўди үйретиў, ең дәслеп олардың ишки туйғы сезимлерин өзгертиў, оларды қайта кәсипке оқытып алыў, камбағаллықтың алдын алыў бойынша өз алдына бағдарлама ислеп шығыў бойынша ѳз усынысын билдирди.
Соның менен бир қатарда мәҳәлле баслығы аймақлық профилактика инспекторы менен бирге, ҳәр күни мәҳәлледе не болып атырғанын жақсы билиўи өзи басшылық етип атырған мәҳәллесин “Тыныш мәҳәлле ҳәм абат мәҳәлле”ге айландырыў тийкарғы ўазыйпасы екенин естен шығармаўы керек екенлигине айрықша тоқтап ѳтти.
Президентимиздиң Мүрәжаты бул әпиўайы шақырық емес, турмыс шынлығын жаратыў ушын жоллама, раўажланыў ушын қолланба болатуғынына исенемиз.
Тәжибай Романов,
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты

26.01.2020 00:19:49 1721